8-10-ноябрь күнлери Қазақстан пайтахты Астана қаласында самбо бойынша ересеклер арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа дүнья жүзиниң 80 нен аслам мәмлекетинен 500 ге шамалас палўанлар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес жүргизди.
Үш күн даўам еткен жарыс соңында, Өзбекстан сайланды командасы 2 алтын, 7 гүмис ҳәм 4 қола медальларын жеңип алып улыўма командалық есапта төртинши орынды ийелеўге еристи.
Қуўанышлы тәрепи сонда, сайланды команда қурамында қатнасқан елликқалалы палўан Шахзада Азатова жаўынгерлик самбо бойынша 59 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, жәҳән чемпионы атағына миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы