Қазақстанның Астана қаласында гендер теңлиги, ҳаял-қызлар исбилерменлиги ҳәм турақлы раўажланыўда ҳаял-қызлардың орны атамасында илаж болып өтти.
Азия раўажланыў банки тәрепинен шөлкемлестирилген бул илаж ҳаял-қызлардың ролин арттырыўға қаратылды.
Форум региондағы жетекши исбилермен ҳаял-қызлар, мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкемлер ўәкиллерин бир жерге жыйнап, оларға өз-ара тәжирийбе алмасыў имканиятын береди.
Санлы технологиялар министриниң мәсләҳәтшиси Камола Собирова технология арқалы STEAM тараўларында ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтиўге қаратылған панель сессияда қатнасты.
Илажда ҳаял-қызлардың бул бағдарларда жумыс алып барыўы тек ғана экономикалық өсиўге емес, ал турақлы раўажланыўға үлес қосатуғыны атап өтилди.
Қатнасыўшылар технологиялық инновациялар ҳәм ҳаял-қызлардың жетекши роли арқалы экологиялық кризистиң алдын алыў, климат машқалаларын шешиў ушын жаңа жойбарлар ҳәм турақлы шешимлер ислеп шығыў жолларын додалады.
Буннан тысқары, өткерилген сессиялар ҳаял-қызлар басшылығындағы климатқа шыдамлылық басламаларын раўажландырыў ҳәм әмелий изертлеўлерди додалаўға бағышланған болып, климат бойынша қарарлар қабыллаўда ҳаял-қызлардың қатнасын күшейтиў стратегиясы бойынша пикир алысты.
Н.Раҳмонова, ӨзА