Тахтакөпир районының ең бир пайызлы орынларының биринде «Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.

Байрам илажына райондағы сектор басшылары, медицина тараўында жемисли мийнет етип киятырған шыпакерлер, мийирбийкелер ҳәм нураный шыпакерлер қатнасты.

Илажда район ҳәкими Жамбул Адилов сөзге шығып, Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири ҳәм мәплерин тәмийинлеў, әсиресе, халқымыз саламатлығын жақсылаў бойынша көплеген унамлы жумыслардың исленип атырғанын атап өтти. Соның ишинде, соңғы жыллары мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм оған инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў ислери әмелге асырылып атырғанын мақтаныш етип,  тараў пидайыларын байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң, халықтың саламатлығы жолында нәтийжели мийнет етип киятырған тараў хызметкерлерине, сондай-ақ, көп жыллар даўамында өз өмирин халқымыздың саламатлығын сақлаў жолында жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы иске бағышлаған нураный шыпакерлерге район ҳәкимлиги ҳәм районлық Қорғаныў бөлиминиң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалары тапсырылды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы