Самарқанд ўәлаятында «Шарқ гавҳари» музыка ҳәм көркем өнер таңлаўы болып өтти.

Оған елимиздиң барлық аймақларынан талантлы ҳәм уқыплы жаслар қатнасты ҳәм бир неше бағдарлар бойынша өз-ара жарысты

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, Елликқала районындағы 23-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Умидбек Юсупов «Халық саз әсбаплары» бағдарында дәп қағыў бойынша биринши, қашқар рубабын шертиўде Рахимжан Базарбаев екинши ҳәм Хушнудбек Рустамовлар үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

Таңлаў соңында бул жеңимпаз оқыўшылар арнаўлы Диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы