Ташкент қаласында «Өзбекстан-Европа Аўқамы» Раўажланыў тараўында бирге ислесиў мәселелери бойынша төменги комитетиниң 7-мәжилиси болып өтти. Бул илажда Европа Аўқамы менен биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешекте асырылыўы белгиленген перспективалы жойбарлар көрип шығылды. Онда 2 жойбардың презентациясы өткерилди.

Атап айтқанда, «Инновациялық аўыл хожалығы» (Smart Agriculture) пилот жойбарына бола, аўыл хожалығы егислик майданларында топырақтың жағдайынан келип шығып талап етилетуғын төгин муғдарын автомат түрде анықлаў ҳәм өсимликтиң суўға болған талабынан келип шығып, суўғарыў ҳәм азықландырыўды бир ўақытта инсан факторысыз автомат түрде әмелге асырыў бойынша аймақларда үлги тәжирийбе участкалары шөлкемлестириледи.

Екинши жойбар – «Климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм қурғақшылыққа қарсы гүресиў мақсетинде жаўын суўларынан нәтийжели пайдаланып, таўлы аймақларда турақлы тоғай плантацияларын жаратыў» деп аталады. Бул жойбарда халықтың арасында экологиялық мәдениятты арттырыўдың жаңа механизмлерин ислеп шығыў, онда ҳәзирги суў ресурсларынан, атап айтқанда, жаўын суўларынан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыўды жолға қойыў арқалы суў тамтарыслығының алдын алыў тийкарғы мақсетлерден екени атап өтилди.

Жойбарды әмелге асырыў арқалы климат өзгериўи тәсирине бейимлескен турақлы тоғай плантацияларын жаратыў, тереклер өсиўи ҳәм саламат раўажланыўын тәмийинлеў ушын жаўын суўларынан пайдаланыўды оптималластырыў, биологиялық ҳәр түрлиликти жақсылаў ҳәм экосистема хызметлерин көрсетиў сыяқлы мәселелер шешилиўи нәзерде тутылған.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА