Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғызстанға әмелий сапары жуўмақланды.
Бүгин мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасып, көп тәреплемели бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған бир қатар әҳмийетли усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.
Саммит шеңберинде Өзбекстан Президенти Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен ушырасыў өткерди.
Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти. «Манас» халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Қырғызстан Министрлер Кабинети Баслығы Ақылбек Жапаров шығарып салды.
ӨзА