Ҳүкиметтиң қарары менен мәмлекетте 2024-2025-жыллары электромобильлерден пайдаланыў инфраструктурасын кеңейтиўдиң қосымша илажлары тастыйықланды.

Оған бола, 2025-жылдың ақырына шекем Өзбекстан бойлап 32,4 мың электромобильлерди қуўатландырыў станцияларын орнатыў режелестирилген. Олардың дерлик төрттен үш бөлеги турақ жайлар әтирапындағы автомобиль турыў орынларына туўра келеди.

Мәмлекет басқырыўындағы бос турған, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар аймағында станцияларды орнатыў орны «K-Savdo» да электрон онлайн-аукцион арқалы ижараға бериледи.

Онда станцияларды қурыў ушын барлық шараятларға ийе орнатыў орынлары «жасыл» категория, қосымша коммуникация тармақларын қурыў зәрүрлигине ийе орынлар «сары» категория сыпатында белгиленеди. Оларды қурыў болса жеңимпаз тәрепинен әмелге асырылады.

Аймақларда станциялар орнатылатуғын аймақлар 120 айға шекем пайдааланыў ҳуқықы менен аукцион арқалы сатылыўы яки ижараға берилиўи мүмкин. Онда электр тәмийнатының техникалық жағдайы ҳәм қуўатлықлардан келип шығылыўы керек.

Егер ижараға берилетуғын орында жеңимпаз 6 айға шекем станциялар орнатпаса, ижара шәртнамасы бийкар етиледи ҳәм жер участкасы, көшпес мүлк қайтадан аукционға шығарылады.

Энергетика министрлигине «Аймақлық электр тармақлары» менен жыл ақырына шекем бирден-бир энергетика системасында қуўатлық жетиспеўшилиги дәўирлеринде кәрхана тәрепинен исбилерменлер ҳәм халық орнататуғын станциялардың пайдаланыў қуўатлығын азайтыў имканиятларын жаратыў бойынша усынысларды ҳүкиметке киргизиў тапсырылды.

Сондай-ақ, 2025-жылдың 1-февралында жаңадан жойбарластырылатуғын автомобиль турыў орынларының кеминде 5 проценти (бир орыннан кем болмаған ҳалда) электромобильлерди қуўатландырыў станцияларын жайластырыў ушын ажыратылады.

Онда мәмлекетлик уйымлар, саўда ҳәм бизнес орайлары, кеўил ашар ҳәм дем алыў орынлары, мийманханалар, халықаралық ҳәм мәмлекетлик әҳмийеттеги автомобиль жоллары бойындағы инфрастуктура объектлериндеги «парковка»лар нәзерде тутылған.

Елатлы пунктлердиң қала қурылысы ҳүжжетлерин, жоқары ҳәм төмен күшлениўдеги тармақларды модернизациялаў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў бағдарламаларын ислеп шығыўда станциялар ҳәм олардың бирден-бир электрон энергетика системасына жүклемесин инабатқа алыў талап етиледи.

Жеке тәртиптеги ҳәм көп квартиралы турақ жайлар аймағында, соның ишинде, көп квартиралы турақ жайлардың автомобиль турыў орынларында 22 кВт ең жоқары қуўатлыққа ийе станциялар орнатылады. Исбилерменлер көп квартиралы жайлардың тек ғана автомобиль турыў орынларында станциялар орнатыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги