Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, 5-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша Арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фужии арасында ушырасыў болып өтти.

Сәўбет даўамында Аўғанстандағы бүгинги жағдай, халықаралық жәмийетшиликтиң мәмлекетте гуманитарлық дағдарыстың алдын алыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери ҳәм Термиз қаласындағы халықаралық транспорт-логистика хабынан түрли гуманитарлық жәрдем жеткерип бериўде пайдаланыў, сондай-ақ, Сурхандәрья ўәлаятындағы Билимлендириў орайы тийкарында Аўғанстан пуқараларын билим алыў ҳәм оқытыў бойынша биргеликтеги жойбарды әмелге асырыўды даўам етиў имканиятлары бойынша пикир алысылды.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм БМШ институтларының Аўғанстан мәселесин тыныш жол менен шешиў бойынша ҳәрекетлерин және де муўапықластырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги