Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Қарақалпақстан Республикасында мәҳәллелер инфраструктураларын жетилистириў, халықтың турмыс шараятларын және де жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўын ҳәм машқалалардың нәтийжели ҳәм жедел шешилиўин қаржылай ҳәм материаллық жақтан тәмийинлеў мақсетинде:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.
Қордың Бақлаў кеңеси баслығы етип Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы (А.Орынбаев) белгиленсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги бир ҳәпте мүддетте:
2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәлле пуқаралар жыйынларының ҳәр бирине 500 млн сумнан қаржы қаратыў;
мәҳәлледе жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм адабанластырыў жумысларын тәмийинлеўге өз үлесин қосқан интакер пуқаралар, мәҳәллелердеги көшебасы ҳәм үйбасыларын хошаметлеў мақсетинде республика аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан Қорға жәми 228 млрд сум муғдарында қаржы ажыратыў илажларын көрсин.
- Жойбарлар мәҳәлле баслықлары тәрепинен ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте мәҳәлледе жасайтуғын халықтың аймақтағы машқалаларды сапластырыў бойынша усыныслары улыўмаластырылған ҳалда қәлиплестирилетуғыны;
Қордың Бақлаў кеңеси (А.Орынбаев) бес күн ишинде жойбарларды көрип шығып, Қордан қаржылар ажыратыў бойынша қарар қабыл етеди;
мәҳәлле баслықлары тәрепинен қәлиплестирилген ҳәм басқарылатуғын жойбарларды қаржыландырыў ушын ҳәр бир мәҳәлле пуқаралар жыйынлары ушын өз алдына есап бетлери ашылады.
Бунда, жойбарларды әмелге асырыў менен байланыслы барлық процесслери, соның ишинде, товарлар (жумыслар, хызметлер)ды сатып алыў бойынша таңлаў (тендер) саўдаларын өткериў, әмелге асырылған жумыслар ушын төлемлерди әмелге асырыў, орынланған жумысларды қабыллаў мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қоры ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министр орынбасары Ж.А.Кўчқоров ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Ф.У.Эрмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. МИРЗИЁЕВ
Ташкент қ.,
2023-жыл 13-июль,
ПҚ-228-санлы