Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Суў сақлағышлар бөгетлериниң жер силкиниўге шыдамлылығын турақлы радилокациялық космослық мониторинг етиў системасын енгизиў ҳаққында»ғы қарары менен буннан былай суў сақлағышлар бөгетлериниң жер силкиниўге шыдамлылығын турақлы радиолокациялық космослық мониторинг етиў системасы енгизиледи.

Яғный, бөгетлердиң жылжыў ҳәм шөгиў динамикасы «Өзбеккосмос» агентлиги тәрепинен космослық қадағалаўға алынады.

Әмелге асырылған мониторинг нәтийжелери «Суў сақлағышларында сейсмологиялық бақлаўларды әмелге асырыў» электрон платформасына интеграцияланады.

Бул электрон платформада суў сақлағышлар бойынша космослық мониторинг нәтийжелери, атап айтқанда, бөгетлердиң реал жағдайы, олардағы жылжыў ҳәм шөгиў көрсеткишлери, бөгетлердиң сейсмикалық беккемлиги ҳәм айрықша қәўиплилик дәрежеси сыяқлы әҳмийетли мағлыўматлар жыйналады. Процесслерди турақлы қадағалап барыў мақсетинде «Суў сақлағышлар бөгетлериниң жер силкиниўге шыдамлылығы космослық мониторингин үйрениў комиссиясы» шөлкемлестириледи.

Бизге белгили, суў сақлағышлар бөгетлериниң беккемлиги дәрежесин турақлы мониторинг етиў олардың деформациялық-күшлениў жағдайын баҳалаўда үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, деформациялық-күшлениў жағдайында бөгет жер силкиниўге тәсиршең болып, ең әззилескен ноқатында айрықша жағдай жүз берген жағдайда зыян жетиўи итималы артып кетеди.

Бул илажлар суў сақлағышларындағы бөгетлердиң беккемлик ҳәм жарамлылық жағдайын турақлы үйренип барыў, олардық бақланыўы мүмкин болған айрықша жағдайларды алдыннан таллаў ҳәм олардағы итималлық жылжыўларды анықлаў имканиятын береди.

Нигора Раҳмонова,

ӨзАның хабаршысы