Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Қарақалпақстан Республикасының тәбийғый шийки зат ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы санаат, аўыл хожалығы тараўларын жедел раўажландырыў, социаллық ҳәм өндирис инфраструктураларын жақсылаў, исбилерменлик ҳәм хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаў, усы тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылы халықтың турақлы, мәўсимлик ҳәм ўақытша жумысларда бәнтлигин тәмийинлеў мақсетли 1-1.4-қосымшаларға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларында 2024-жылы әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың жыйынды кестеси ҳәм мәнзили дизими 2 ҳәм 2.1-қосымшаларға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылы жаңадан шөлкемлестирилетуғын хызмет көрсетиў объектлери мақсетли көрсеткишлери 4-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылы жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде аукцион саўдаларына шығарылатуғын жер участкалары 5-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасында халықтың кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелик арттырыўға байланыслы 2024-жыл ушын белгиленген мақсетли көрсеткишлер 6-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасында 2024-2025-жыллары арнаўлы санаат (еркин экономикалық), киши санаат, жаслар ҳәм исбилерменлик санаат зоналарында жойбарларды жайластырыў ушын аукцион саўдаларына шығарылатуғын бос жеп майданшаларының дизими 7-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасындағы 2024-жылы рудалық емес пайдалы қазылма кәнлери ҳәм участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын аукцион саўдаларына шығарыў графиги 8-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 2024-жылы ажыратылатуғын субсидия қаржыларының бөлистирилиўи 9-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасын 2024-жылы жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айландырыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў бағдарламасын әмелге асырыў бойывнша «жол картасы» 10-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Қарақалпақстан Республикасында:

а) 2024-жылы:

киши бизнести қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасын әмелге асырыў ушын Бизнести раўажландырыў банки кредит ресурслары есабынан 11-қосымшаға муўапық 320 млрд сум қаржы қаратылатуғыны;

«Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-ноябрьдеги ПП-193-санлы Пәрманының 2-бәнти «а» киши бәнти ҳәм «б» киши бәнтиниң екинши абзацында нәзерде тутылған тәртип бойынша субъектлерин қоллап-қуўатлаўға 50 млрд сум қаржы қаратылатуғыны;

социаллық салық төлеп атырған өзин-өзи бәнт еткен шахсларға «Бизнеске биринши қәдем» банк пластик карталары арқалы 5 млн сумға шекемги муғдарда бир жыл мүддетке шекемги микроқарызлар усыныс етиў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 12-қосымшаға муўапық 60 млрд сум қаржы қаратылатуғыны;

б) 2024-жылдан баслап ҳәр жылы «Келешек кәсиплери» жойбары шеңберинде 1,5 мың жаслар, атап айтқанда, 900ы санды технологияларға ҳәм 600и шет тиллерге оқытылатуғыны. Онда санлы технологияларды үйрениў ушын «Жаслар дәптери» қорының есабынан жасларға субсидия ажыратыў мүддети Қарақалпақстан Республикасы ушын бир жылға шекем создырылатуғыны;

в) 2024-жылы киши санаат зоналары, жаслар, исбилерменлик ҳәм санаат зоналарының инфраструктура объектлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан 5 млрд сум ажыратылатуғыны белгиленсин.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ж.А.Қўчқоров) Орайлық банк пене биргеликте усы бәнтте көрсетилген қаржылар өз ўақтында ҳәм толық көлемде ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының төмендеги усынысарына келисим берилсин:

Қарақалпақстан Республикасының аймақлық шегаралары ишинде инновациялық, жоқары технологияларға тийкарланған, экспортқа бағдарланған ҳәм импорт орнын басатуғын өндирислерди шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырып атырған кәрханаларға «Нөкис» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшысы статусын бериў;

инвестиция миннетлемелерин орынламаған «Нөкис» еркин экономикалық зонасының қатнасыўшылары менен инвестициялық келисимлерин бийкар етиў, тоқтатып турыў ҳәм оларды «Нөкис» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшысы статусынан айырыўды тек ғана суд тәртибинде әмелге асырыў.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте 2024-жылы:

Қарақалпақстан Республикасында дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын 13-қосымшаға муўапық аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданлары аукцион саўдаларына шығарылыўын;

усы жер майданларында «кооператив» ҳәм «агрегатор» системасына тийкарланған жойбарлар әмелге асырылыўын;

ҳәр бир районда жойбарларды әмелге асырыў ушын майданы 5 гектарға шекемги бир пүтин контурлар таңлап алыныўы ҳәм оларда экспортқа қолайлы жоқары дәраматлы егинлер егилиўин тәмийинлесин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасында, бурынғысынан басқаша түрде, 2024-жылы пахта шийки затын жетистириў ушын жеңиллетилген кредитлерди топырақтың бир бонитет балына нормативлик өнимдарлығын (центнер/гектар) 1,25 коэффициентке арттырған ҳалда ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров Орайлық банк, Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен 2024-жылы коммерциялық банклерге жайластырылатуғын депозит қаржылары есабынан шарўашылық тараўына азық-аўқатлық егинлерди жетистириў ушын алты ай мүддетте қайтарыў шәрти менен 150 млн.сумға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған ставкада (соннан 1 проценти банк маржасы) жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылыўын тәмийинлесин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте 2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасындағы суўғарылатуғын 112 мың гектар жер майданлары 14-қосымшаға муўапық лазерли тегислениўди шөлкемлестириў арқалы аўыл хожалығы өнимлериниң зүрәәтлилиги 5-10 процентке арттырылыўын тәмийинлесин.

Онда, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған аўыл хожалығы кәрханаларына аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын ҳәр бир гектар лазерли тегисленген майданға жумсалған жанылғы-майлаў материалларының қәрежетлерин 100 процентке шекем, бирақ улыўмалық қәрежет муғдарының 1 млн сумнан артық болмаған бөлегин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар берилетуғыны белгиленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Аўыл хожалығы министрлиги, «Өзагролизинг» АЖ, Экономика ҳәм қарды министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Беруний, Әмиўдәрья, Шымбай ҳәм Қанлыкөл районларында 2024-жыл 1-апрельге шекем аўыл хожалығы техникалары менен комплексли хызмет-көрсетиўши техника-сервис орайларын (кейинги орынларда – техника-сервис орайлары) мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын. Онда:

а) Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы республикалық бюджет есабынан АКБ «Агробанк»ке 10 жыл мүддетке жыллық 7 процентлик ставкада 193 млрд сум қаржылар депозитке жайластырылады;

б) АКБ «Агробанк» депозитке жайластырылған қаржылар есабынан:

38,6 млрд сум қаржыларды жыллық 10 процентлик ставкада техника-сервис орайларына техникалар сатып алыў мақсетинде аванс төлемлерин әмелге асырыў ушын;

154,4 млрд сум қаржыларды 10 жыл мүддетке жыллық 10 процентлик ставкада «Өзагролизинг» АЖға кредит ажыратыў ушын бағдарланады;

в) «Өзагролизинг» АЖ тәрепинен:

160 аўыл хожалығы техникасы 15-қосымшаға муўапық 10 жыл мүддетке жыллық 14 процентлик ставкада техника-сервис орайларына лизинг тийкарында бериледи;

еки ай мүддетте аўыл хожалығы техникалары лизинг мүддетлери трактор ҳәм комбайнлар  ушын 10 жылға шекем, агрегатлар ушын 5 жылға шекем создырылады;

г) 160 аўыл хожалығы техникасы техника-сервис орайларына рәсмийлестирилгеннен соң, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2021-жыл 11-ноябрьдеги ПҚ-7-санлы қарарына муўапық ажыратылатуғын субсидия қаржылары усы аўыл хожалығы техникаларының аванс төлеми ушын тартылған кредитлер бойынша  қарыздарлықларды сөндириў ушын қаратыўға руқсат бериледи.

  1. Есап палатасы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте усы қарардың 7-бәнтине муўапық лазерли тегислеўге ажыратылатуғын субсидиядан ҳәм 8-бәнтине тийкарланып сатып алынған аўыл хожалығы техникаларынан мақсетли пайдаланылыўы үстинен турақлы қадағалаў алып барсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен өз мүтәжликлери ушын белгиленген тәртипте қәлиплсетирилетуғын дизим бойынша сырт елден алып келинетуғын ислеп шығарылғанына 5 жылдан аспаған 200 ат күшинен жоқары айдаў тракторлары ҳәм пахта териў машиналары (ТИФ ТН бойынша 8432-8437, 8701 кодлары) 2026-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан ҳәм утилизация жийиымынан азат етиледи ҳәм исбилерменлик субъектлерине еркин айланысқа шығарыў (импорт) бажыхана режимине жайластырылған сәнеден баслап қосымша қун салығын 120 күнге шекемги мүддетке кешиктирип төлеўге руқсат бериледи.

(10-бәнт Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-октябрьдеги ПП-156-санлы Пәрманы редакторланыўында – Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасы, 15.10.2024-ж., 06/24/156/0816-санлы. Күшке кириў сәнеси – 2025-жыл 16-январь)

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм «Өзбекбалықсанаат» ассоцациясының:

Қарақалпақстан Республикасында балықшылық хожалықларының жумысын және де раўажландырыў мақсетинде «Қарақалпақбалық» ассоцациясын шөлкемлестириў;

Қарақалпақстан Республикасында аймағындағы «Өзбекбалықсанаат» ассоцациясы ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң балансындағы барлық көллерди «Қарақалпақбалық» ассоцациясы балансына өткериў;

«Қарақалпақбалық» ассоцациясы жанында Балықшылықты раўажландырыў қорын шөлкемлестириў ҳәм тәбийғый суў бассейниниң имаратынан ҳәм жасалма көллерден пайдаланыўшылардың ағзалық төлеминен түскен қаржыларды толық муғдарда усы қорға бағдарлаў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте 2024-2025-оқыў жылынан баслап, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында Суў хожалығы ҳәм мелиорация тәлим бағдарында 100 қабыллаў квотасын ажыратсын.
  2. Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы елшиханасының штат кестесине, мийнетке ҳақы төлеў фонды белгиленген тәртипте өзгертилген ҳалда, Өзбекстан Республикасы республикалық бюджет қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасының айрықша ўәкили қосымша штат бирлиги киргизилсин.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнттиң орынланыўы бойынша тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Транспорт министрлиги «Uzbekistan Airways» АЖ, Өзбекстан Республикасында дизимнен өткен барлық резидент авиакомпаниялар ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасына туристлер ағымын және де арттырыў, оларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде 2024-жыл 1-апрельден баслап:

Стамбул-Нөкис-Ташкент, Самарқанд-Нөкис-Стамбул жөнелислери бойынша авиақатнаўларды жолға қойсын;

жаңадан сатып алынып атырған L-410 маркалы самолётлардан биреўи Қарақалпақстан Республикасында ишки рейслер ушын дислокацияланыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте усы қарардың орынланыўын қадағалап барыў усыныс етилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Әдиллик министрлиги, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Бул қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Ж.А.Ходжаев соның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.У.Эрманов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 9-февраль