Президент Шавкат Мирзиёев 4-ноябрь күни исбилерменлерди  ҳуқықый қорғалыўды күшейтиўге байланыслы усыныслар презентациясы менен танысты.

 Мәмлекетимизде исбилерменлерге экономиканың таянышы сыпатында қаралып, бизнес орталығы барған сайын қолайлы етип барылмақта. Мәҳәлледеги жеке исбилерменликтен, ири жойбарларға шекем қоллап- қуўатланбақта. Нәтийжеде бизнеске қызығыўшылық ҳәм оннан мәпдарлық артып бармақта.

Буның баслы факторы  турмыс талабынан келип шығып, исбилерменлердиң өз усыныслары тийкарында  ис тутпақта.

Әдеттегидей, усы жылы да 20-август күни мәмлекетимиз басшысы исбилерменлер менен ашық сөйлесиў өткерди. Онда айтылған машқала ҳәм усыныслар тийкарында исбилерменлерди ҳуқықый қорғалыўды күшейтиў, тексериўлерди тәртипке салыўға қаратылған илажлар ислеп шығылды.

Оған бола, 2025-жыл 1-январьдан баслап бирғана ҳуқықбузарлық ушын бир жуўапкершилик илажын белгилеў нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, исбилерменлик жумысын жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимнен өтпестен әмелге асырғанлығы ушын қаржылай жәрийма бийкар етилмекте.

Сондай-ақ, санлы маркировкалаў қағыйдаларын ҳәм фискал белгилерди көрсетиў тәртибин бузыў, хызметкерлер санын жасырыў ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик бийкар етиледи.

Келиспеўшиликлердиң шешимин жеңиллестириӯ мақсетинде 2025-жыл 1-марттан баслап судта ис алып барыў тәреплер келисими менен жуўмақланда мәмлекетлик бажының бир бөлегин қайтарып бериў тәртиби енгизиледи.

Исбилерменлер жумысын қадағалаўға ўәкилликли уйымлар ҳәм олардың қадағалаў тараўлары дизими тастыйықланады. Бунда, дизимде жоқ мәселелер бойынша исбилерменлер жумысын тексериў қадаған етиледи. Исбилерменлер жумысында өткерилетуғын барлық тексериўлер “Бирде-бир мәмлекетлик қадағалаў” мәлимлеме системасы арқалы хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылады.

2025-жыл 1-январьдан баслап, тексериўлер “Қәӯип-қәтерди таллаӯ” электрон системасы шеңберинде исбилерменлерди 3 категорияға ажыратған ҳалда өткериледи.

Презентацияда, сондай-ақ, исбилерменлер жумысында нызамсыз түрдеги тексериўлердиң алдын алыӯ, қадағалаў уйымларының тексериўши хызметкерлери маманлығын арттырыў бойынша да пикирлер билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул илажларды ҳуқықый тәрептен жетилистириў, әмелиятта әдалатлы қолланыўын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.

 

ӨзА