Алдын хабар бергенимиздей Грецияның Ираклион қаласында спорттың Жиу Житсу түринен жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Жарыс тийкарынан үш жас категориясы, атап айтқанда, 16, 18 ҳәм 21 жасқа шекемги жас спортшылар арасында өткерилмекте.

Оған Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы спортшылар да белсене қатнаспақта.

Атап айтқанда, 16 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында өткерилген беллесиўлер жуўмағында, Шымбай районлық спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары Гүлбәҳәр Бердибаева гүмис, Қундыз Бектурсыновалар қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

-Мектебимизден 4 спортшы жарысқа кеткен еди,-дейди Шымбай районлық спорт мектеби директоры ўазыйпасын атқарыўшы Уктам Утамурадов.-Соннан екеўи медаль жеңип алыўға еристи. Бизлер буннан оғада қуўанышлымыз ҳәм спорт мектеби тәрбияланыўшылары алдағы жарысларда да үлкен табысларды қолға киргизетуғынлығына беккем исенеми.

Жеңимпаз спортшыларды бул жарысқа Баймурат Үббиев таярлады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы