28-октябрь ҳәм 3-ноябрь күнлери аралығында Самарқанд ўәлаятында волейбол бойынша 19 жасқа шекемги жаслар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа елимиздиң барлық аймақларынан күшли командалар қатнасты.

Кескин өткен беллесиўлер жуўмағында, қарақалпақстанлы волейболшылар барлық қарсыласларынан үстем келип, алтын медальды жеңип алыўға миясар болды.

Жарыста сыйлы екинши орын Қашқадәрья ҳәм үшинши орынды Наманган ўәлаяты командаларына несип етти.

Бул жарысқа республикамыз командасын Амангелди Хамидов, Фаррух Садуллаев  ҳәм Батыр Ормашовлар таярлады.

-Өткерилген бул чемпионат келеси жылы Ташкент қаласында өткерилетуғын волейбол бойынша жаслар арасындағы жәҳән чемпионаты алдынан Өзбекстан сайланды командасына ойыншыларды таңлап алыў ўазыйпасын атқарды,-дейди белгили тренер Азат Казаков.-Усы бириншиликтен соң мәмлекетимиз сайланды командасы ағзалығына қарақалпақстаннан 3 волейболшы таңлап алынды. Биз буннан оғада қуўанышлымыз ҳәм алдағы ўақытлары олардан халықаралық ареналарда жақсы нәтийжелерди көтип қаламыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы