Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-ноябрь күни Россия Федерациясы Ҳүкимети баслығының орынбасары Дмитрий Чернишенко басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Россия делегациясы қурамында ушырасыўда министрлер Алексей Чекунков ҳәм Сергей Кравцов та қатнасты.

Жоқары дәрежедеги келисимлерге муўапық Өзбекстан – Россия көп тәреплеме қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан Дмитрий Чернишенко мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ҳәм Ҳүкимет баслығы Михаил Мишустинниң сәлемин жеткерди.

Сәўбет даўамында еки мәмлекет арасындағы билимлендириў ҳәм гуманитарлық алмасыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысы ҳәм Өзбекстанда олардың жаңа филиалларын ашыў, жоқары маман педагог кадрлар таярлаў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз аймақларының Россияның Узақ Шығыстағы аймақлары менен әмелий бирге ислесиўин жолға қойыў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н қабыл етиўдиң әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Тәреплер өз-ара туристлер ағымын көбейтиў, биргеликтеги мәдений ҳәм спорт илажларын өткериўден мәпдар екени атап өтилди.

ӨзА