1-ноябрь күни Нәўбәҳәр районында Наўайы ўәлаяты экономикасын раўажландырыў, халықтың дәраматларын көбейтиў, социаллық инфраструктураны жақсылаў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерилди.
Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында жақында Олий Мажлис Нызамшылық палатсы, Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары кеңеслерине сайлаўлар демократиялық принциплер тийкарында қызғын өткенин атап өтип, онда жуўапкершилик пенен қатнасқан пуқараларға миннетдаршылық билдирди.
Уллы бабамыздың аты менен аталатуғын Наўайы ўәлаяты руўхый тәрбия, ағартыўшылықты жоқарылатыў жолында ҳәммеге өрнек болыўы керек. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы жаңа 2025-жылды ўәлаятта «Әлийшер Наўайы жылы» деп жәриялаўды усыныс етти. Бул баслама шеңберинде республикалық таңлаў ҳәм наўайыны оқыў кешелери өткерилип, жасларға қолайлы китаплар басып шығарылады, шайырдың шығармалары бойынша фильмлер таярланады. «Жаңа Наўайы» қалашасында саўлатлы естелик ҳәм музей қурылады.
Экономика ҳаққында гәп болып, көрсеткишлер ҳәм режелер ҳәр тәреплеме талланды.
Кейинги жети жылда Наўайыда 8 миллиард долларлық, 6,5 мың жойбар иске қосылып, 27 триллион сумлық қосымша қун жаратылған. Исбилерменлер саны 3 есеге көбейген. Усы ўақыт ишинде ўәлаят экономикасы тоғызыншы орыннан үшинши орынға шығып, 82 триллион сумға жеткен. Быйыл 2,2 миллиард долларлық 577 жойбар орынланып, 10 мың жоқары дәраматлы жумыс орны пайда болады.
Соның менен бирге, имканиятлар еле көп. Наўайы ўәлаяты мәмлекетимиз орайында жайласқан, бай тәбийғый ресурслар, жетерли инфраструктура ҳәм инсан потенциалына ийе аймақ. Елимиздеги 5 триллион долларлықтан артық қазылма байлықларының 20 проценти Наўайы үлкесинде. Бул қәлегенше инвестор талабын қанаатландыра алады.
Ўәлаятта ҳәр жылы 100 триллион сумлықтан артық санаат өними ислеп шығарылмақта. Жан басына дәрамат республикада екинши орында. Олар жергиликли исбилерменликти раўажландырыў, саўда, хызметлер, улыўма аўқатланыў ҳәм туризмди кеңейтиў ушын үлкен имканият.
Ҳәзирги ўақытта ўәлаятта 11 миллиард киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылмақта, және 5,2 гигаваттлы самал ҳәм қуяш станциялары иске қосылыў алдында. Олар – жаңа санаат ҳәм сервис кәрханаларының үзликсиз ислесиўиниң кепили.
Усы көзқарастан, ўәлаят ҳәкими 11 қала ҳәм район ҳәкимлери, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм банклер, 330 мәҳәлледеги «жетилик» бул имканиятлардан қай дәрежеде пайдалана алмақта, деп сораў қойылды.
2025-жылы ўәлаятқа 3,7 миллиард доллар сырт ел инвестициясының киргизилиўи, нәтийжеде 600 жаңа кәрхана ашылып, 15 мың жоқары дәраматлы жумыс орнының жаратылыўы режелестирилген. Ең әҳмийетлиси, бул жойбарлар тек ғана Наўайы емес, ал әтираптағы ўәлаятлар санаатын да изинен жетелейди.
«Жер асты ҳаққында»ғы нызамға муўапық, енди жаңа система болады. Барлық стратегиялық ресурслы кәнлер халықаралық баҳалаўдан өтеди.
Наўайы ўәлаятында Таў-кән ҳәм геология министрлигиниң аймақлық басқармасы ашылады. Енди лицензия ҳәм руқсатнама бериў, кәнлерди аукционға шығарыўды басқарманың өзи шешеди.
Ўәлаят аймағынан Зарафшан дәрьясы ҳәм Ақдәрья өткен. Және 256 километр сай, 2 мың километрден аслам каналлар бар. Оларда киши гидроэлектр станциялар қурыў бойынша көрсетпе берилди. Оның ушын 10 миллион доллар ажыратылады. ГЭСлер «санаат ипотекасы» тийкарында исбилерменлерге бериледи.
Келеси жылы Наўайыға 500 мың сырт ел туристин тартып, бул хызмет экспортын 150 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Жолдың бойларында жеңил конструкциялары шақапшалар шөлкемлестирип, саўда ҳәм сервислерди көбейтиў имканияты көрсетип өтилди.
Мәжилисте бәнтлик мәселесине айрықша итибар қаратылды. Ўәлаятта 16 мың кәмбағал шаңарақ, 8 мыңнан аслам жумыссыз пуқара бар. Экономика тармақларындағы қосымша имканияттан пайдаланып, оларды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди. Бәнтлик ҳәм социаллық қорғаў системалары биргеликте бир жылда 16 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў мақсети белгиленди.
Азық-аўқат өнимлерин резерв етип, базарларға күнлик жеткерип бериў, олардың баҳасын турақлыластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Онда аўыл хожалығы әҳмийетли. Бирақ Наўайыда тек ғана 100 мың гектарда егин егилмекте. Оның 72 проценти суўғарылады. 9 миллион гектар жайлаў болса да, шарўа аз.
Соның ушын келеси жылы пахташылықта Түркий, Қытай туқымы ҳәм технологиясын алып келип, өнимдарлықты 70 центнерге шығарыў, 7 мың гектар бағ ҳәм жүзим атызларын жаңалаў, ҳәмме суўлы жерлерди лазерли тегислеп, тәкирарый егин сыпатында 10 мың гектарда айғабағар жетистириў илажлары белгиленди. Жайлаўларға дрон менен азықлық егинлер, дәрилик өсимликлердиң туқымлары себилип, 50 мың халыққа бөлип бериледи. Улыўма, үш жылда 3 миллион гектар жайлаў жақсыланып, шарўа 10 есеге көбейтиледи.
Инфраструктура менен байланыслы мәселелерге де тоқтап өтилди.
Зарафшан қаласында халықтың тез өсип атырғанын инабатқа алып, оның аймағын Тамды районы есабынан 2 мың гектарға кеңейтиў ҳәм 150 мың халық ушын шараят жаратыў зәрүр екенлиги айтылды.
Зарафшан қаласы, Үшқудық ҳәм Тамды районларында жәми 200 мың халық жасайды. Сырт ел инвесторлары да көп келмекте. Оларға қолайлық жаратыў ушын Зарафшан қаласындағы аэропорттан пайдаланыў, «Жаңа Тамды» поселкасынан қосымша электр тармағын тартып, исбилерменлик жойбарларын көбейтиў мүмкин.
Шетки аймақлардағы 18 ески мектепти ҳәм ишимлик суўы тармақларын жаңалаў, бақша ҳәм мектеплер қурыў, халықтың саламатлығын беккемлеў ўазыйпалары белгиленди. Исбилерменлик етиўге қызығыўшылығы бар 9 мың ҳаял-қызды кәсипке оқытып, бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин екенлиги айтылды.
Гүз-қыс мәўсимине таярлық ҳәм «Жасыл мәкан» бағдарламасының орынланыў жағдайы да көрип шығылды.
Жуўапкерлер, районлар ҳәм тармақлар басшылары усы жылдың жуўмағында күтилип атырған нәтийжелер, келеси жылға мөлшерленген режелер бойынша ўәлаят белсендилери ҳәм халықтың алдында мәлимлеме берди.
Мәжилиске видеоселектор арқалы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар да жалғанды. Олардың басшылары Наўайы ўәлаятында көрсетип өтилген бағдарларда өз аймағында да имканиятлар бар екенлигин тастыйықлап, буннан жуўмақ ислениўи ҳәм нәтийжелиликти арттыратуғынын айтты. Атап айтқанда, санаат, қурылыс, аўыл хожалығы, туризм ҳәм хызмет жойбарларын жеделлестирип, аймақлық экономиканы раўажландырыў, исбилерменлик ҳәм кәсипке бағдарлаў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў илажларын билдирди. Жылдың ақырына шекем ҳәм келеси жылға мөлшерленген режелер белгиленди.
Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наўайы ўәлаятына сапары жуўмақланды.
ӨзА