Корея Республикасының Пусан қаласында қылышласыўдың сабля түри бойынша жаслар арасында жәҳән кубогиниң гезектеги басқышы болып өтти.
Бүгин қызлар арасында өткерилген жарыстың жекпе-жек беллесиўлеринде жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери белгили болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул беллесиўлерде жерлесимиз Гүлистан Пердебаева қола медалын жеңип алыўға еристи.
Ярым финалға шекем өзиниң барлық қарсыласларынан үстем келген Гүлистан финаллық беллесиўге шығыў ушын Ханчжоу-2022 Азия ойынларының жеңимпазы, жаслар арасында жәҳән чемпионы қытайлы Симао Панға 14:15 есабында жеңилип қалды ҳәм 3-орын менен шеклениўге мәжбүр болды.
Енди қызларымыз ертең усы жарыстың командалық беллесиўлеринде медальлар ушын беллесиўлерге кириседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы