Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-октябрь күни Наўайы ўәлаяына барды.

Бул аймақ раўажланған индустриясы менен мәмлекетимиз экономикасында үлкен орын тутады. Экономикалық ҳәм инвестициялық имканиятлар себепли соңғы жыллары жаңа кәрханалар көбейип бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы Наўайы қаласындағы “Uzbekistan hydrogen peroxide” биргеликтеги кәрханасының жумысы менен танысты.

Ўәлаяттағы кәрханаларға водород пероксиди бәрқулла зәрүр. Улыўма, елимиз санаат тармақларында бул химиялық бирикпеге жыллық талап орташа 15 мың тоннадан аслам. Усы жылы өз жумысын баслаған “Uzbekistan hydrogen peroxide” биргеликтеги кәрханасында усындай талап күшли өним ислеп шығарылады.

Баҳасы дерлик 30 миллион доллар болған жойбар шеңберинде завод қурылып, Қытай, Ҳиндстан, Түркия, Германия, Италия ҳәм Швециядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды. 80 ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинленди. Кәрхана жылына 30 мың тонна водород пероксиди өндириў қуўатлылығына ийе.

Бул бирикпеден химия, металлургия, электр техникасы, фармацевтика, тоқымашылық, азық-аўқат, аўыл хожалығы сыяқлы онға шамалас тармақта пайдаланылады. Соның ишинде, қағаз, турмыслық ҳәм химиялық қураллар ислеп шығарыў, уран ҳәм кобальт өнимлерин қазып алыўда жедел қолланылады. Ыдысларды тазалаўшы, жасалма ҳәм синтетикалық түклерди ағартыўшы қурал сыпатында ислетиледи.

Тийкарғысы, экономикалық нәтийжелилиги жоқары. Бул жерде тәбийғый газ терең қайта исленип, базарға қолайлы өнимге айландырылады. Мысал ушын, 60 процентли водород пероксиди медицинада үш есе, турмыслық химия қуралларында еки есе қосымша қун жаратады.

Кәрхана лабораториясына да ең соңғы түрдеги үскенелер орнатылған. Онда ҳәр саатта анализ өткериледи. Бул өнимниң сапасын турақлы қадағалаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, қәнигелер менен сәўбетлести.

-Ҳәрбир жойбардан мақсет – жоқары дәрамат, қосымша қун. Бул кәрхана сол тәрепинен мақул. Енди өндиристиң турақлылығы, қарыйдарлардың исеними ушын буны кепилленген шийки зат пенен тәмийинлеў керек. Локализациялаў бағдарламасы тийкарында қолайлы шәртлерде кредит ажыратыў да мүмкин,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге усы кәрхана мысалында усындай жойбарларды көбейтиў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Водород пероксиди усы ўақытқа шекем Өзбекстанға үлкен қәрежетлер менен тек ғана сырт елден алып келинетуғын еди.  Енди болса жергиликли өним ишки талапты толық қаплап, импорттың орнын толтырады. Соның менен бирге, жақын регионда бундай кәрхана жоқ. Сол себепли өним ҒМДА ҳәм Европа мәмлекетлерине де жеткерип берилмекте. Қысқа ўақытта дерлик, 1,5 миллион долларлық экспорт етилген. Кәрхананың жыллық экспорт потенциалы 10 миллион доллар.

Бул суйық химиялық өнимлерди сақлаў ҳәм жеткерип бериў ушын сол жердиң өзинде пластик қуйма ыдыслар таярлаў жолға қойылған. Кәрхананы альтернатив энергия менен тәмийинлеў мақсетинде қуўатлылығы 27 киловатт болған қуяш панеллери орнатылған.

Және бир итибарлы тәрепи, алдын мәмлекетимиздиң химия тараўында жеке меншик сектор болмаған. Бул кәрхана соңғы жыллары тараўға кирип келген исбилерменлик субъектлеринен бири.

Усы жерде кәрхана жумысын және де кеңейтиўге қаратылған жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, Түркияның “Orbak Metal Industry” компаниясы менен гидроген пероксиди ислеп шығарыў қуўатлылығын 45 мың тоннаға арттырыў, сондай-ақ, тутасқан аймақта азық-аўқат санааты жойбарын шөлкемлестириў режелестирилген.

Соннан соң мәмлекетимиз басшысы Кармана районында қурылып атырған химиялық өнимлер технопаркин барып көрди.

Наўайы ўәлаятында химия санааты раўажланған. Аймақта минерал ресурслар көп, тармақ инфраструктурасы ҳәм кадрлар потенциалы жақсы. Буннан пайдаланып, перспективалы кәрханалар шөлкемлестириў ушын болса мәмлекетимизде қолайлы инвестиция орталығы ҳәм исбилерменлерге шараят бар.

Усы тийкарда қытайлы исбилерменлер тәрепинен «Zarafshon industrial technology» атамасында химия технопарки қурылмақта.

Бул комплекс ушын 130 гектар жер майданы ажыратылған. Бул жерде улыўма баҳасы 1 миллиард доллардан артық болған 18 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытқа шекем олардың екеўи – 40 мың тонна олеум, 170 мың тонна сульфат кислотасы алыў жойбарлары иске қосылды.

Итибарлы тәрепи, сульфат кислотасы ислеп шығарыў процесинде пайда болатуғын ыссылықтан үнемли пайдаланыў мақсетинде 1,4 мегаватт қуўатлылыққа ийе пуў-газ қурылмалы энергоблок қурылған. Бул кәрхана өзин-өзи толық электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысына технопаркте әмелге асырылатуғын жаңа жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, баҳасы 150 миллион долларлық 1 миллион тонна сульфат кислотасы, 120 миллион долларлық 50 мың тонна каустикалық сода ҳәм 135 миллион долларлық 100 мың тонна фталоцианин (тоқмымашылық бояўы) ислеп шығарыў кәрханаларының қурылысы басланған.

Технопаркте басқа тармақлар менен кооперация байланыслары нәтийжели жолға қойылады. Нәтийжеде қурылыс санаатында 75 миллион, жеңил санаатта 107 миллион, медицинада 38 миллион долларлық шеттен келетуғын өнимлердиң орны қапланады.

Технопаркте локализациялаў ҳәзирги ўақытта 31 процентти қурайды. Жойбарлар басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы нәтийжесинде бул көрсеткиш еки есеге артады.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханаларда өндирис балансын тәмийинлеў, «off take» шәртнамаларын ислеп, өнимлерди кепилликли түрде сатыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ҳәзирги күнде технопаркте 300 адамның бәнтлиги тәмийинленген. Барлық жойбарлар әмелге асқаннан соң, 2 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады, антрахинон, каустикалық сода, мыс хлориди, диметилсульфат, натрий сульфид, резорцин сыяқлы өнимлер таярлаў өзлестириледи. Технопарктиң жыллық экспорт имканиятын 2026-жылы 30 миллионға жеткериў ҳәм избе-из арттырып барыў режелестирилген.

Сондай-ақ, керекли коммуникация тармақлары да сырт ел инвесторы қаржыларының есабынан қурылмақта.

Бул жерде 2024-2030-жыллары «Наўайыазот» акционерлик жәмийети тийкарында әмелге асырылатуғын жойбарлар таныстырылды.

Оған бола, 5 миллиард долларлық 22 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген. Оларда 3 мыңнан аслам жаңа жумыс орны болады. Жылына 2 миллиард доллардан артық химиялық өнимлерди ислеп шығарылып, тийкарғы бөлеги экспортқа қаратылады.

Президентимиз жойбарларда экология талапларына айрықша итибар қаратыў, заводларды углерод оксидин ҳаўаға аз шығаратуғын үскенелер менен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.

Жойбарлардан төртеўи келеси жылы пайдаланыўға тапсырылыўы мөлшерленген. Мәмлекетимиз басшысы олардың инвесторлары менен сөйлести.

Президент Шавкат Мирзиёев Наўайы қаласындағы санаат зонасында «Universal filter» бренди астындағы жергиликли өнимлерди көзден өткерди. Бул жерде транспортлар ушын ҳаўа ҳәм май фильтрлери, металлургия, нефьт-газ ҳәм химия санааты кәрханалары ушын буйымлар – жәми 600 түрден артық өнимлер ислеп шығарылмақта.


Өз жумысын 2007-жылы қурылыс материаллары тармағынан баслаған исбилермен 2020-2030-жыллары 20 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырған. Ҳәзирги күнде үш гектар майданда 6 бағдар жолға қойылған. Кәрханаларға Россия, Қытай, Словакия сыяқлы мәмлекетлерден заманагөй технологиялар алып келинип орнатылған.

Исбилерменниң айланба қаржысы буннан жети-сегиз жыл алдын тек ғана 1 миллиард сум еди. Ендиликте усы жылдың ақырына шекем 200 миллиард сумлық өним ислеп шығарылады. 250 адамның турақлы бәнтлигиниң тәмийинленгени болса социаллық әҳмийетли тәреп.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги жумыс процеси ҳәм өнимлер менен танысты.

Мәмлекетимизде атмосфера ҳаўасына тәсири болған 3 мыңнан аслам санаат кәрханасы бар. Олардағы шаң-газ тазалаў үскенелериниң көпшилиги ескирген. Алдын бул бағдар тек ғана сырт елге байланып қалғаны ушын фильтрлерди жаңалаў жыллап созылған. Енди бул тараўда да импортқа бәсекиге шыдамлы өз өнимлеримиз ҳәм хызмет көрсетиў пайда болмақта. Усы жылдың тоғыз айында жүзден артық кәрхананың шаң-газ тазалаў үскенелери жаңаланды.

Бундай жумысларда бул кәрхананың да орны бар. Өндирис көлеми жылдан-жылға артпақта. Өнимлер локализацияланыўы нәтийжесинде сапаны жойтпаған ҳалда өзине түсер баҳаны түсириўге ерисилмекте.

Кәрхана өнимлери Россия, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Әзербайжанға да жиберилмекте. Усы жылдың жуўмағы бойынша экспорт көлеми 1 миллион долларға жетиўи күтилмекте. Келешекте бул географияны ҳәм муғдарды арттырыў мақсет етилген.

Бул жерде Наўайы ўәлаятының санаат өнимлери көзден өткерилди. Соның ишинде, аўыр ҳәм жеңил санаат ушын деталлар, үскенелер, компрессорлар, электротехника үскенелери, мыс ҳәм пластик қубырлар, насос бөлеклери көрсетилди. Оларды бирлестириўши тәреп – локализацияланғаны.

Президент мәмлекетимизде гидроэнергетиканы және де раўажландырыў мақсет етилгенин атап өтип, киши ҳәм микроГЭСлер қурыў ҳәм олардың компонентлерин ислеп шығарыўда жергиликли кәрханалардың қатнасын кеңейтиў бойынша тапсырма берди. Наўайы кән-металлургия комбинаты сыяқлы ири кәрханалар ушын локализациялаў жойбарларын күшейтиў арқалы ўәлаятта жумыссызлықты азайтыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Соң мәмлекетимиз басшысы Наўайы ўәлаятында режелестирилген жаңа инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Соңғы жети жылда ўәлаятқа 3миллиард 500 миллион доллардан аслам инвестициялар тартылған. Олардың нәтийжесинде 64 мың 700 жумыс орны ҳәм жылына 1 миллиард 200 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылған. Быйыл 2 миллиард 100 миллион долларлық 577 жойбар әмелге асырылмақта.

Бул жумыслар избе-из даўам еттирилип, сырт елли инвестор ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен улыўма баҳасы 26 миллиард 800 миллион долларлық жүзден аслам стратегиялық ҳәм ири жойбар қәлиплестирилген.

Президентимизге олардың 12 си таныстырылды.

Жойбарларға АҚШ, Франция, Германия, Австрия, Россия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Қытай, Япония, Корея, Түркия сыяқлы мәмлекетлердиң компаниялары инвестиция киргизбекте. Бул басламалар химия, энергетика, таў-кән, электротехника, медицина, қурылыс индустриясы, текстиль ҳәм тоқымашылық сыяқлы тармақларды қамтып алған.

Мысалы, Қытай менен бирге ислесиўде Кармана районында жылына 2 миллиард 500 миллион сумлық жоқары қосымша қунлы өнимлер таярлайтуғын жойбарлар әмелге асырылды. Химия ҳәм қурылыс материлларына қанигелескен санаат паркин шөлкемлестириў, самал генераторлары ушын пәриклер ислеп шығарыў кәрханасы усылардың қатарына киреди.

Усы районда Россия менен және бир инвестициялық баслама – азық-аўқат санааты ушын алюмин қадақлар ислеп шығарыў жолға қойылады. Түркия менен биргеликте Канимех районында жылына 360 мың тонна фосфорит қазып алыў, қайта ислеў ҳәм фосфор кислотасы ҳәм минерал төгинлер ислеп шығарыў шөлкемлестирилди. Австрия менен болса Наўайы қаласында жылына 170 мың тонна цианит натрий дузлары ҳәм каустикалық сода алыў жойбары режелестирилген.

Бул жойбарлардың нәтийжесинде 17 мың 800 ден аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.

Президентимиз интакерлерге шөлкемлестириў-қаржы мәселелеринде жәрдемлесип, жойбарларды тезлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысы «Жаңа Наўайы» қалашасының қурылыс майданында болып, нураныйлар ҳәм зыялылар менен сәўбетлести.

– Бүгин бул жерге Наўайы ўәлаятында 8 район, 3 қаланың ертеңги күни қандай болады, деген сораўға жуўап табыў ушын келдик. Негизинде, бир руўзыгерди тербетиўдиң өзи болмайды. Қудайға шүкир, халқымыз 38 миллионға жақынласып атыр. Буның ушын халқымызға мүнәсип беккем имканият жаратып бериўимиз керек. Бундай жаңа қалашаларды не ушын қурып атырмыз? Жасларымыз өсип киятыр. Олар өзи туўылып өскен жерде ислеп, жақсы жасаўы ушын барлық аймақларда шараят жаратамыз, – деди Президент.

Жойбар ушын 1мың 100 гектар жер Кармана районынан Наўайы ўәлаятына өткерилген. Биринши басқышта 450 гектар майданда қурылыс режелестирилген.

Қалашада 7-22 қабатлы турақ жайлар, 4 мың 170 орынлы улыўма билим бериў мектеплери, 1мың 620 орынлы бақшалар, поликлиника қурылады. «Жаңа Өзбекстан» парки, Наўайы мәмлекетлик педагогика институтының жаңа кампусы да усы жерде болады.

Мәмлекетимиз басшысы Наўайы ўәлаятында санаат раўажланғаны, бирақ хызмет потенциалы толық иске қосылмағанын айтты. Соның ушын қалашада сейил бағы, кеўилашар орынлар, саўда дүканлары, аўқатланыў шақапшалары шөлкемлестирип, хызметлердиң раўажландырылыўы белгиленди.

Қалашаның қурылысы дирекция тәрепинен муўапықластырылып барылады. Жер майданлары электрон аукционға қойылып, жеңимпаз қурылыс шөлкемлери менен инвестиция шәртнамасы дүзиледи.

Бүгин Наўайы қаласында қурылыс жедел. Фаровон – жаңадан шөлкемлескен мәҳәллелерден бири. Бул жердеги 500 ден артық көп қабатлы турақ жайда 15 мыңнан аслам халық жасайды. Аймақта көплеген саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, театр ҳәм мийманханалар, бақша ҳәм мектеплер қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы усы жердеги 22-улыўма билим бериў мектебинде болды.

Мәмлекетимизде мектеп билимлендириўи улыўма миллий ҳәрекетке айланбақта. «Өзбекстан – 2030» стратегиясында да билимлендириў тараўы ең биринши ўазыйпа сыпатында белгиленген.

1 мың 800 ге шамалас оқыўшы тәлим-тәрбия алып атырған бул мәкеме өткен жылы қурылып, пайдаланыўға тапсырылған. Барлық класслар, лаборатория, компьютер ҳәм шет тили ханалары, спорт залы, футбол майданы, асханада заманагөй шараятлар жаратылған. Китапхана 3 мыңнан артық китаплар менен тәмийинленип, Әлийшер Наўайы атындағы миллий китапхана системасына да жалғанған.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билимлендириўдиң сапасын Президент ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге жақынластырыў ўазыйпасы қойылған. Усы мақсетте мәкемеге 104 оқыўшы билими ҳәм педагогикалық қәбилети бойынша сайлап жумысқа қабыл етилген. Сабақлар да алдынғы мектеплердиң бағдарламасы тийкарында алып барылмақта.

Жасларға кеминде еки шет тили ҳәм бир заманагөй өнер үйрениў процеси бул жерде де избе-из әмелге асырылмақта. Буның ушын мектепте әмелий көркем өнер, мийманхана хызмети, сүўретшилик, IT бағдары, робототехника сыяқлы кәсип-өнерлер бойынша оннан артық дөгереклер шөлкемлестирилген.

Қорғаныў министрлиги менен биргеликте «Ўатан таянышы» әскерий ўатансүйиўшилик топары шөлкемлесирилген. Онда Әмир Темур Мангуберди сыяқлы уллы сәркардалар мәртлиги ҳаққында сөйлесиўлер болады. Ўатансүйиўшилик илажлары, спорт беллесиўлери тез-тез өткериледи.

– Илимли болыў, кәсип-өнер ийелеў жақсы. Қәлбиңизде ўатансүйиўшилик күшли болса, ғайратыңыз және де бәлент болады, – деди Президент.

Мектепте «Иқтидор» клубы да шөлкемлестирилген. Онда дөретиўши оқыўшылар музыка, театр ҳәм көркем өнер бағдарында түрли шынығыўларда қатнасады.

Президентимиз мектептиң жумысы менен танысып, оқытыўшы ҳәм оқыўшылар менен сәўбетлести.

– Мениң ең үлкен тәшўишим, мақсетим – жаслар тәрбиясы. Биз алған шеклер ушын билимли әўлад керек. Буның ушын ҳәме шараятларды жаратыўға ҳәрекет етип атырмыз. Сизлер болса ўақыттың қәдирине жетип, бар имканиятларды иске қосып, оқыўыңыз керек. Алған билимиңиз, үйренген кәсип-өнериңиз келешекте сизлерге қанат болады, – деди Президент балаларға.

Билимлендириў дәргайында «қәўипсиз мектеп» системасы ислейди. Буның ушын мәкемеге кириў-шығыўда “Face ID” бағдарламасы қойылған. Сондай-ақ, қуяш панельлери орнатылған.

Президент Шавкат Мирзиёев Наўайы ўәлаяты Нәўбәҳәр районындағы политехникумда да болды.

Мәмлекетимизде ең тийкарғы мәселелерден бири – бәнтлик. Халыққа талап жоқары кәсиплерди үйрениў мақсетинде техникумлар тармағы раўажландырылмақта.

Бүгинги күнде Наўайы ўәлаятында 25 профессонал билимлендириў мәкемеси бар. Оларда 12 мың пуқарар оқымақта. Оларға маман педагоглар, 234 ислеп шығарыў усталары бириктирилген.

2-санлы политехникумда 41 оқыў ҳәм лаборатория ханасы, 350 орынлы белсендилер ҳәм спорт заллары, 100 орынлы жатақхана ҳәм асхана бар. Мектеп питкериўшилери ҳәм түрли жастағы пуқаралар ушын күндизги, сыртқы, кешки ҳәм дуал билимлендириў жолға қойылған.

Кәсиплерди әмелият пенен байланыстырыўда ўәлаяттағы ири санаат кәрханалары үлкен орын тутпақта.

Мысалы, Наўайы кән-металлургия комбинаты өзи ушын зәрүр кепсерлеўши ҳәм токарь, «Наўайыазот» акционерлик жәмийети химиялық технологиялар лаборанты, Наўайы ыссылық электр станциясы электр монтажшы кәсиплерине жасларды мақсетлик таярлайды. Буның ушын санаат кәрханалары техникумда өз бөлимлерин ашқан. Оқыўшылар бир ўақыттың өзинде ҳәм кәсип үйренеди ҳәм орынлаған жумысына жараса мийнет ҳақы алады.

Мәҳәллелер менен биргеликте жумыссыз пуқаралар, маманлығы жетерли болмағанлар, жумыс ислеў тилегиндеги ҳаял-қызлар ҳәм оқыўға тартылмақта. Кәсиплерди жақсы ийелегенлер усы кәрханаға жумысқа алынады.

Президентимиз бул жерде оқып атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

– Сизлерде исеним ҳәм умытылыс пайда болғанынан қуўанышлыман. Кәсипти беккем тутып, өмирде өз орныңызды табың. Мийнетиңизден баҳыт табыўыңыз ушын сизлерди қоллап-қуўатлаймыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сондай-ақ, “Mengi Textile Group” ҳәм “Navbahor Qorajon” текстиль кәрханалары менен дуал ҳәм қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестирилген. Ҳаял-қызлар жетерли көникпеге ийе болғаннан соң, тигиўшилик цехлерине жумысқа қабыл етиледи.

Ағаш усталығы устаханасында оқыўшылар ислеп атырған есик, стол-стул сыяқлы үскенелердиң ўәлаятта әдеўир сатылымы жоқары. Олар билим алыў менен бир ўақыттың өзинде жумыс ислеп, шаңарақларына жәрдемши болмақта.

Майыплығы болған шахслар ушын қол мийнети менен миллий өнерменшилик буйымларын жасаўға үйрениў оқыў курслары да бар.

Сондай-ақ, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў басқармасы тәрепинен тараў хызметкерлериниң маманлығын арттырыў оқыў орайларының жумысы жолға қойылған.

Наўайы ўәлаятындағы билимлендириў мәкемелери менен 51 кәрхана арасында шәртнамаға қол қойылғанын атап өтиў керек. Жыл басынан берли мыңнан аслам жумыссыз пуқара оқытылған.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наўайы ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Абдували БЎРИЕВ,

ӨзАның хабаршылары