Президент Шавкат Мирзиёев Наўайы қаласындағы санаат зонасында «Universal filter» бренди астындағы жергиликли өнимлерди көзден өткерди. Бул жерде транспортлар ушын ҳаўа ҳәм май фильтрлери, металлургия, нефьт-газ ҳәм химия санааты кәрханалары ушын буйымлар – жәми 600 түрден артық өнимлер ислеп шығарылмақта.

Өз жумысын 2007-жылы қурылыс материаллары тармағынан баслаған исбилермен 2020-2030-жыллары 20 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырған. Ҳәзирги күнде үш гектар майданда 6 бағдар жолға қойылған. Кәрханаларға Россия, Қытай, Словакия сыяқлы мәмлекетлерден заманагөй технологиялар  алып келинип орнатылған.

Исбилерменниң айланыс қаржысы буннан жети-сегиз жыл алдын тек ғана 1 миллиард сум еди. Ендигиден былай усы жылдың ақырына шекем 200 миллиард сумлық өним ислеп шығарылады. 250 адамның турақлы бәнтлигиниң тәмийинленгени болса социаллық жақтан әҳмийетли.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги жумыс процеси ҳәм өнимлер менен танысты.

Мәмлекетимизде атмосфера ҳаўасына тәсири болған 3  мыңнан аслам санаат кәрханасы бар. Олардағы шаң-газ тазалаў үскенелериниң көбиси ескирген. Алдын бул бағдар тек ғана сырт елге байланып қалғаны ушын фильтрлерди жаңалаў жыллап созылған. Енди бул тараўда да импортқа бәсекиге шыдамлы өз өнимлеримиз ҳәм хызмет көрсетиў пайда болмақта. Усы жылдың тоғыз айында жүзден артық кәрхананың шаң-газ тазалаў үскенелери жаңаланды.

Бундай жумысларда бул кәрхананың да орны бар. Өндирис көлеми жылдан-жылға артпақта. Өнимлер локализацияланыўы нәтийжесинде сапаны жойтпаған ҳалда өзине түсер баҳаны түсириўге ерисилмекте.

Кәрхана өнимлери Россия, Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Әзербайжанға да жиберилмекте. Быйылдың жуўмағы бойынша экспорт көлеми 1 миллион долларға жетиўи күтилмекте. Келешекте бул географияны ҳәм муғдарды арттырыў мақсет етилген.

Бул жерде Наўайы ўәлаятының санаат өнимлери көзден өткерилди. Соның ишинде, аўыр ҳәм жеңил санаат ушын деталлар, үскенелер, компрессорлар, электротехника үскенелери, мыс ҳәм пластик қубырлар, насос бөлеклери көрсетилди. Оларды бирлестириўши тәреп – локализацияланған.

Президент мәмлекетимизде гидроэнергетиканы және де раўажландырыў мақсет етилгенин атап өтип, киши ҳәм микроГЭСлер қурыў ҳәм олардың компонентлерин ислеп шығарыўда жергиликли кәрханалардың қатнасын кеңейтиў бойынша тапсырма берди. Наўайы кән-металлургия комбинаты сыяқлы ири кәрханалар ушын локализациялаў жойбарларын күшейтиў арқалы ўәлаятта жумыссызлықты азайтыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.





ӨзА