Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасындағы туңғыш жоқары оқыў орны, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 90 жыллығына арналған «Қарақалпақстандағы биринши илим-билим дәргайына 90 жыл!» атамасындағы республикалық конференция ҳәм концерт бағдарламасы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ўәкиллери, сырт еллерден, сондай-ақ, мәмлекетимиздеги бир қатар жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларының басшылары, илимпазлары, профессорлар, белгили дөретиўшилер, көп жыллар даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларда ислеген нураныйлар, институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференция институттың тарийхы, бүгинги күндеги жетискенликлери, оқыў дәргайы жәмәәтиниң илимий-педагогикалық бағдарда әмелге асырып атырған жумысларының көргизбеси менен басланып, институт турмысынан таярланған видеофильм илаж қатнасыўшыларының нәзерине усынылды.

Салтанатлы кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын педагогикалық институттың шөлкемлестирилгенине 90 жыл толыўы менен қутлықлады ҳәм институтта көп жыллардан берли жемисли мийнет етип, илим, билимлендириў ҳәм жаслар тәрбиясында өз ўазыйпаларын пидайылық пенен атқарып киятырған бир топар педагог хызметкерлерге ҳүрметли атақ ҳәм көкирек белгилерин тапсырды.



Буннан соң Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры ўазыйпасын атқарыўшы Қуўандық Қадиров Қарақалпақстанда педагогикалық институтты ашыўдың тарийхый әҳмийети, ҳәзирги дәўирде билимлендириў тараўына кадрлар таярлап бериўдиң баслы бағдарлары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.

-Тарийхқа нәзер тасласақ, өткен әсирдиң жигирмаланшы жылларында жүз берген сиясий өзгерислер–1924-жылы Қарақалпақстан автономиялы областының, кейин ала 1932-жылы Қарақалпақстан Автономиялы Республикасының дүзилиўи елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, жаңа оқыў орынларының санын көбейтиў, халықты ғалаба саўатландырыў арқалы адамлардың турмысын жақсылаў ушын тийкар жаратты. Усындай ийгиликли мақсетлер жолында 1934-жылы сол дәўирдеги республикамыздың пайтахты есапланған Төрткүл қаласында Қарақалпақ мәмлекетлик муғаллимлер институты шөлкемлестирилип, институт елимиздиң ҳақыйқый мәнидеги илим-билимлендириў, ағартыўшылық орайына айланды,-деди Қуўандық Қадиров өзиниң баянатында.- Бул жерде дәслепки жылларда бир жыллық ҳәм еки жыллық оқыў курсларында билим алған жаслар халқымыздың саўатлылық дәрежесин арттырып, оларды жақты турмысқа бағдарлаўға бар күш-ғайратын, билим ҳәм тәжирийбесин жумсады. Соның менен бирге, институт питкериўшилери халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет етип, республикамыздың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўына салмақлы үлеслерин қосты.

Сондай-ақ, баянатшы өз сөзинде институтта оқып билим алған питкериўшилер арасынан Өзбекстан қаҳарманлары, Өзбекстан халық муғаллими Алланияз Өтениязов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов, Хийўа қаласындағы «Меҳрибанлық үйи» директоры болып ислеген Вера Пак, дүньяға белгили археолог алым Ғайратдин Хожаниязов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан илиминиң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан академиклер Марат Нурмуҳаммедов, Сабыр Камалов, Амин Бахиев, Жуманазар Базарбаев, Ҳусниддин Ҳамидов, Абатбай Дәўлетов, мийнет қаҳарманлары Қәллибек Камалов ҳәм Бердибай Қурбанов ҳәм басқа да инсанлардың жетилисип шыққанын мақтаныш пенен айтып өтти.

Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 26-сентябрьдеги қарары тийкарында  Елликқала районы ҳәм оған жақын аймақларда жасайтуғын студентлердиң билим алыўы, Қарақалпақстанның қубла районлары және Хорезм, Бухара ўәлаятлары ушын педагог кадрлар таярлаў мақсетинде педагогикалық институттың Елликқала педагогика факультети шөлкемлестирилгени, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы қарсаңында оқыў дәргайының жаңа оқыў имаратының пайдаланыўға тапсырылғаны үлкен қанаатланыўшылық тилге алынып, оқыў орнына көрсетилип атырған бундай ғамқорлық ушын елимиз Президенти ҳәм республикамыз басшыларына терең миннетдаршылық билдирди.

Салтанатлы кешеде АҚШ халықаралық агентлиги хызметкери  Джозеффо Чарманто, Әзербайжан Республикасындағы Хазар университетинен Элвин Аббас бейли, Бухара мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Баҳадур Мамуровлар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын педагогикалық институттың 90 жыллық юбилейи менен қызғын қутлықлап, өзлериниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Буннан соң илаж қатнасыўшыларына институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлери, сондай-ақ, республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Соңынан конференция белгиленген секциялар бойынша өз жумысын даўам еттирди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта институтта 11 факультет, 2 бөлим, 32 кафедра болып, оларда 26 бакалавр тәлим бағдары ҳәм 19 магистратура қәнигели бойынша 17 мыңнан аслам жаслар билим алмақта.

Оларға 600 ге шамалас профессор-оқытыўшылар тәлим-тәрбия бермекте. Сондай-ақ, институтта билимлендириўдиң сапасын арттырыў, кадрлар таярлаўдың жаңа усылларын енгизиў мақсетинде, халықаралық абырайлы жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен нәтийжели байланыслар орнатылған. Атап айтқанда, бул оқыў орны бүгинги күни дүньяның «ТОП-1000»лық дизимине киретуғын 62 жоқары оқыў орны менен шәртнама ҳәм меморандумлар дүзген. Усы шәртнамалар тийкарында өткен жыл даўамында институттың 50 ден аслам профессор-оқытыўшылары сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў орайларына қәнигелигин жетилистириў, семинар өтиў, илимий конференцияларда қатнасыў, лекция оқыў мақсетинде илимий стажировкаларға жиберилген болса, дүньяның «ТОП-1000»лық дизимине киретуғын жоқары оқыў орынларынан 14 профессор-оқытыўшы ҳәм қәнигелер институттың илимий-педагогикалық жумысларына шақырылды.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәзирги ўақытта  республикамыздың социаллық-экономикалық, жәмийетлик-сиясий ҳәм мәдений турмысында өзиниң ажыралмас орнына ийе жоқары оқыў орнына айланды.

 

 

 Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы