“РИА Новости”диң жазыўынша, Россия СИМ баспасөз хаткери Мария Захарова журналистлер ушын шөлкемлестирилген брифингте Өзбекстанда болып өткен сайлаўға тоқтап, даўыс бериў процеси ашық-айдын, бәсеки шараятында, әдалатлы ҳәм айрықша нызамбузарлықларсыз өткенин атап өткен.

– Россияның баҳасына бола, сайлаў ашық-айдын, бәсекиге шыдамлы, әдалатлы өтип, Өзбекстанның жаңаланған Конституциясы ҳәм Сайлаў кодексине толық сәйкес ҳалда, ҳеш қандай айрықша нызамбузарлықларсыз өтти, – деген ол. – Ўақыя өзбек халқының ерк-ықрарын сәўлелендиреди, жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша мәмлекет Президенти тәрепинен жәрияланған бағдарды даўам етиў имканиятын береди. Усы мәнисте Өзбекстан халқын қутлықлаўға тийкар бар.

Протоколда атап өтилиўинше, Россия тәрепи сайлаў кампаниясы ҳәм даўыс бериў процесин дыққат пенен бақлап барған:

– Россия ўәкиллери ҒМДА, ШБШ, ЕҚБШ арқалы да еки тәреплемели форматта, атап айтқанда Федерал Мажлис, Орайлық сайлаў комиссиясы, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм басқа халықаралық бақлаў миссиялары қурамында иследи.

ӨзА