Қоңырат районындағы “Сhili Aziya” фермер хожалығында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаевтиң басшылығында семинар болып өтти.
Семинарға райондағы аўыл хожалығы комплекси шөлкемлериниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.
Илажда ҳәзирги ўақытта фермер хожалықларында гүзги агротехникалық илажлардың барысы, гүзги шүдигарлаў, жерлерди лазер усылында тегислеў, бийдай тәрбиясы, абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылды.
Суўғарылатуғын ҳәм жаўыннан суў ишетуғын жерлерден нәтийжели пайдаланыў, атыз мәдениятына итибар қаратыў – фермерлердиң дийқаншылықтан кепилленген экономикалық мәпдарлыққа ерисиўиниң гиреўи екенлиги айтылып, бунда арқайынлыққа жол қойылмаўы атап өтилди.
Суўдың үнемлениўине ерисиў мақсетинде салмаларды тазалаў ҳәм оларды бетонлаў, ғәлле тәрбиясына итибар қаратыў, атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланыў, терек, тут, жүзим ҳәм мийўели нәллерди егиўди көбейтиў ҳәм басқа зәрүрли агротехникалық илажларды өз мүддетинде сапалы әмелге асырыў бойынша тараў хызметкерлерине тийисли усыныслар берилди.
Мағлыўмат ушын, 2025-жылдың зүрәәти ушын Қоңырат районында 147 фермер хожалықлары тәрепинен 4247 гектар майданға гүзлик бийдай егилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги