Бүгин, 30-октябрь күни Бразилияның Флорианополис қаласында 18 жасқа шекемги шахматшылардың қатнасыўында болып атырған жәҳән чемпионатының дәслепки тур ойынлары болып өтти.
Жәҳән чемпионатының 16 жасқа шекемги қызлар арасындағы 1-тур беллесиўинде Афруза Ҳамдамова нидерландиялы Анна Блаухут пенен күш сынасты. Ақ даналарда беллесиўге кирискен жерлесимимз қарсыласын қыйыншылықсыз жеңди.
14 жасқа шекемги ул балалар арасындағы жарыста қатнасқан шахматшымыз Жавоҳир Бозоров дәслепки турда Қытай тайпейили Чэн Юй Чэнди жеңди.
Усы жас категориясының қызлар беллесиўинде қатнасып атырған Нилуфархон Имомқўзиева қара даналарда бразилиялы Мария Эдуард пенен қарсы келди ҳәм ойын шахматшы қызымыздың жеңиси менен жуўмақланды.
Ертең, 31-октябрь күни болатуғын 2-тур беллесиўлеринде Ҳамдамова қара даналарда Словакия сайланды командасы ағзасы Новомеска Карин менен, Бозоров та қара даналарда латвиялы Рейнис Валдатис пенен, Имомқўзиева болса ақ даналарда мексикалы Теллес Фукусима менен беллеседи.
Еслетип өтемиз, 10-ноябрьге шекем даўам ететуғын жәҳән чемпионатында 62 мәмлекеттиң 527 шахматшысы жеңис ушын гүреске қосылған.
Т.Рўзиев,
ӨзА