Экономика ҳәм қаржы министрлиги усыныс еткен 2025-2027-жылларға мөлшерленген Бюджетнамада мектеп сабақлықлары ушын ижара пуллары қайта тиклениўи белгиленбекте.

Яғный 2022-2023-оқыў жылынан баслап Президенттиң ПП-79-санлы Пәрманы менен мектеп сабақлықларының ижара төлеми толық Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплаў ҳәм оқыўшыларға сабақлықларды бийпул пайдаланыўға бериў системасы енгизилген еди. Алдағы жыллар ушын ислеп шығылған Бюджетнама жойбарына бола болса «улыўма билимлендириў мектеплерин сабақлықлар менен тәмийинлеўде ата-аналардың қатнасыўын арттырыў» мақсетинде 2025-2026-оқыў жылынан 2-11 классларда бир топлам сабақлық ҳәм оқыў дәптерлери ушын ижара төлемин өндириў системасы қайта жолға қойылады.

Ҳүжжетке бола, 2024-жылда бир бала ушын сабақлық ҳәм оқыў дәптерлери топламының орташа баҳасы 450-500 мың сумды қураған (соннан оқыў дәптерлери 100-150 мың сум). Режелестирилип атырған тәртип бойынша бир топлам ушын 80 мың сум (бир топламының өзине түсер баҳасының 16-18 проценти) муғдарында ата-аналар төлеми қайта тиклениўи мүмкин. Усы  төлемлер есабынан қәлиплескен 376,6 млрд сум қаржылар болса ҳәр жылы оқыўшыларды оқыў дәптерлери менен тәмийинлеў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаўға бағдарланады.

«Сабақлықлар ҳәм оқыў дәптерлериниң толық Мәмлекетлик бюджет есабынан басылып шығылыўы ата-аналардың жуўапкершилиги төменлеп кетиўи ҳәм сабақлықларға итибарсыз мүнәсибетте болыў жағдайларын келтирип шығармақта»,-делинеди Ҳүжжет жойбары текстинде.

Мағлыўмат ушын, 2025-жылы улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде сабақлықларды жаңалаў менен байланыслы қәрежетлер -1,3 трлн сум етип белигленген,-деп мәлимлеме береди, xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги