Бажыхана комитетиниң Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў басқармасы баслығының орынбасары Ж.Қодиров Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте, республикамыздағы инвестициялық жойбарлар тийкарында әмелге асырылып атырған илажлар, кәрханалардың жумыслары менен жақыннан танысты.

Атап айтқанда, “Ellikqal`a oltin tolasi klasteri” ЖШЖ тәрепинен усы бағдарда  әмелге асырылып атырған илажлар үйренилип, жумыс барысы талқыланды. Бул кәрхананың  қуўатлылығы 800 мың дана таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары шеңберинде 2,5 млн. АҚШ долларлық сырт ел инвестицияларының тартылыўы бегиленген болып, соннан өткен дәўир ишинде 700 мың АҚШ долларлық сырт ел инвестициясы өзлестирилген. Соның менен бирге, ҳәзирги күнде Түркия мәмлекетинен керекли әсбап-үскенелер толық алып келинип, кәрхана ушын ажыратылған жер майданында қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта. Усы жойбардың иске түсиўи нәтийжесинде 600 ге шамалас жаңа жумыс орынларының жаратылыўы күтилмекте.

Жуўапкер хызметкерлер, тағы усындай үлкен инвестициялық жойбар тийкарында бой тиклеген “Zavod xozagro” ЖШЖ кәрханасында болып, қуяш нурынан қорғайтуғын полиэтилен сеткаларды ислеп шығарыўды кеңейтиў жойбарын үйренди.

Бул жойбар шеңберинде 2,5 млн. АҚШ долларлық сырт ел инвестицияларының ажыратылыўы режелестирилген болып, бүгинги күнге келип толық өзлестирилген. Жойбар тийкарында бул кәрханада жылына 432 мың кв. метрлик полиэтилен сеткалар ислеп шығарылыўы режелестирген ҳәм ҳәзирги күнге келип, жойбарды кеңейтиў нәтийжесинде қосымша 40 жаңа жумыс орнының жаратылыўына ерискен.

Сәўбетлесиўлер даўамында қәнигелердиң пикир-усыныслары тыңланып, бул бағдардағы жумыслары жеделлестириў бойынша илажлар келисип алынды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги