Қытайдың үш адамлық экипаж басқарыўындағы космослық кемеси алты сааттан аслам даўам еткен пәрўаздан кейин жерге табыслы қонды. Космосқа сапар еткен жаслардан ибарат команда қурамында мәмлекеттиң биринши ҳаял космонавт инженери де бар еди.

Пекин 2030-жылға шекем Айға өз пуқарасын жайластырыў бойынша жуўмақлаўшы миссия ушын тәжирийбе топламақта. Арнаўлы экипаж жергиликли космос станциясынан алты ай даўамында сынақ өткериў ҳәм космосқа көтерилиў ушын база сыпатында пайдаланады.

Пекин «Шенжоу-19» пәрўазы «толық табыслы өтти»  деп жәриялады. Бул ҚХРдың тийкарғы қарсыласы Қурама Штатлардан космосты үйрениў бойынша озып кетиў режесине киргизилген рекорд дәрежедеги 100 космослық әмелияттан бири.

– Аспанға  үрлеген ракета жалынының жақтысы Гоби шөлин көрсетип, шаўқымы адамды герең ететуғын дәрежеде гүмбирледи, – деп жазды процессте қатнасқан BBС хабаршысы. – Пәрўаз ўақтында жүзлеген адамлар көшеде сап тартты, астронавтлардың аты жазылған баннерлерди көтерип, бақырды.

Еки жыл алдын ҚХР Басшысы Си Цзиньпин «кең космосты үйрениў, космослық санаатты раўажландырыў ҳәм Қытайды космослық мәмлекетке айландырыў бизиң мәңги әрманымыз», деген еди.

Быйылғы жылдың басында НАСА баслығы Билл Нельсон АҚШ ҳәм Қытай Айды ийелеў ушын «бәйги»ге түсип атырғанын атап өтти ҳәм Пекинниң космослық аймақлар менен байланыслы даўларынан қатты қәўетерленди.

 

Мусулмон Зиё, ӨзА