Биз усы жылдың 1-март сәнесинде Қоңырат районындағы Есемурат жыраў атындағы 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң «Әткөншек» балалар ансамблиниң табыслары ҳаққында мақала жәриялаған едик.

Мақалада атап өткенимиздей «Әткөншек» балалар ансамбли мектеп муғаллими Бахтияр Қыдырбаевтың басшылығында шөлкемлестирилип, бүгинги күнде жоқары нәтийжелерге ерисип киятыр. Атап айтқанда, ансамбль жәмәәти өткен жыллар даўамында Ташкент қаласында өткерилген «Қәлб», «Камалак жулдызлары»  балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери арасында өткерилген таңлаўларда жоқары орынларды ийеледи. Ал, жақында ғана Қазақстан Республикасының “Астана старт” шөлкеми тәрепинен өткерилген  «Ташкент гранд» халықаралық таңлаўында «Әткөншек» ансамбли Гран При жеңимпазы болды.Сондай-ақ, Ташкент қаласында өткерилген «Астана старт» таңлаўында «Миллий музыка»  бағдары  бойынша жеңимпаз болған болса, усы бағдарда Арыўхан Ерсайымова  (устазы А.Жаңабаева) сыйлы үшинши орынды ийеледи. Ал, фортепиано бағдарында  болса Альмира Матмуратова ҳәм Мафтуна Турғанбаевалар (устазы П.Келмағамбетова) да сыйлы үшинши орынға ылайық деп табылды.

«Әткөншек» ансамбли жақында және үлкен табысты қолға киргизди. Усы жылдыӊ  24-26-октябрь күнлери Ташкент қаласында “Қәбилетли балалар” халықаралық фестивалы  өткерилип, онда  Қазақстан, Россия, Қырғызстан мәмлекетлериниң жас талант ийелери қатнасты. Таңлаўда “Әткөншек” ансамбли Гран при жеңимпазы болып, өзлериниң талантларын және бир мәрте халықаралық таңлаўда жоқары дәрежеде екенлигин тастыйықлады.  Ал, усы мектеп оқыўшылары Азиза Көптурсынова биринши,  Бексултан Теңелбаев болса  екинши орынды ийеледи.

-Қарақалпақ халқының миллий аяқ ойын ҳәм қосықларын атқарып шыққан оқыўшыларымыздың талантын  төреши ағзаларының мүнәсип баҳалағаны ушын жүдә қуўанышлымыз. Алдағы ўақытларда оқыўшыларымыз буннан да үлкен табысларға ерсиеди деп үмит етемиз,-дейди оқыўшыларды таңлаўға таярлаған устазы Бахтияр Қыдырбаев.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги