29-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фуджи ханым ҳәм оның орынбасары Анас Файяд Карман мырзаны қабыллады.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны, мәмлекетимиз басшысы Аралбойы регионындағы экологиялық машқалаларды шешиў ушын БМШ минбериндеги ҳәр бир шығып сөйлеўинде дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын қаратып атырғанлығы, сондай-ақ, Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл тоғайлықларды пайда етиў жумыслары ҳаққында мағлыўмат берди.
Илажда БМШ Раўажланыў Бағдарламасы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған улыўма баҳасы 2 миллион АҚШ доллары болған «Аралбойы регионында климатқа шыдамлы аўыл хожалығы арқалы өзин-өзи тәмийинлеўди қоллап-қуўатлаў» қоспа жойбарының нәтийжелери ҳәм алдағы бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Соны айтып өтиўимиз керек, БМШтың Раўажланыў Бағдарламасы тәрепинен ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда улыўма баҳасы 12 миллион АҚШ долларынан аслам болған 4 жойбар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, халықаралық шөлкем ўәкиллериниң елимизге сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайында «Смарт аўыл хожалығы» биргеликтеги бағдарламасы жумыслары менен танысыўы, Тақыятас районы турғынлары менен ушырасыўы, Шымбай районы «Пәшентаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында тазаланған ишимлик суўынан пайдаланыў, Қараөзек районында «Туқымлық ҳәм егинлерди қайта ислеў» жойбарлары, Мойнақ районында «Кәсип-өнерге оқытыў орайы»ның иске түсирилиўи және Нөкис қаласында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасына лабораториялық үскенелерди тапсырыў илажларының өткерилиўи жобаластырылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги