Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик Траст фонды халықаралық эксперти Магда Степанян басшылығында делегация менен ушырасыў болып өтти. 

Бул ушырасыўдан гөзленген мақсет – усындай халықаралық бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм заман талапларына сәйкес халықаралық жойбар шеңберинде жаӊадан өзгерислер киргизиў бойынша сырт елли қәнигелердиӊ пикир-усыныслары менен ортақласыўдан ибарат.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги усы жылдыӊ өзинде халықаралық бирге ислесиў мақсетинде бир қатар мәмлекетлер менен медицина тараўын раўажландырыў ҳәм заманагөй технологиялар менен тәмийинлеў бойынша  келисимлерди әмелге асырды.

Әлбетте, бундай халықаралық бирге ислесиўлер елимизде медицина тараўын және де раўажландырыў ҳәм сапалы медициналық хызмет түриниӊ заман талапларына сәйкес болыўына  түртки бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги