Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Хорезм ўәлаятының шөлкемлестириўи менен Үргенш қаласында түркмен халқының уллы шайыры Мақтымқулы Пырағийдиң 300 жыллығына бағышланып «Мақтымқулы шеърлари билан айтилган энг яхши қўшиқлар ижрочиси» республикалық таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.

Оған елимиздиң барлық аймақларынан қосықшылар қатнасып, шайыр қосықларынан намалы қосықлар атқарды ҳәм олардың атқарыў шеберлиги тәжирийбели төрешилер тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып барылды.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, биринши орынды Хорезм ўәлаятынан Маҳмуд Юсупов ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм 10 миллион сум ақша менен сыйлықланды.

Әҳмийетли тәрепи сонда, бул таңлаўда сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды қарақалпақстанлы Дилбар Әбдираманова ҳәм Эзиз Назаровлар ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы