Албания пайтахты Тирана қаласында спорт гүреслери бойынша жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

28-октябрь күни грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзаларынан еки палўан беллесиўлерге түсти.

Атап айтқанда, 72 кг салмақта Абдулло Алиев таңлап алыў басқышында қырғызстанлы Ырысгелди Хамзаевты 2:1, 1/8 финалда молдовалы Михай Петичти 7:2 есабында жеңип шығып, шерек финалда франциялы Ибраҳим Маҳмуд Ганемга 0:6 есабында жеңилип қалған еди.

Ал, 82 кг салмақта гүрескен Жалғасбай Бердимуратов болса, таңлап алыў басқышында армениялы Карен Хачатрянды 6:0, 1/8 финалда қазақстанлы Евгений Поливадовты 9:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Тилекке қарсы, ол шерек финалда венгриялы Эрик Сзилвассиге 1:6 есабында жеңилип қалды.

Енди бул палўанларымыз оның шерек финалдағы қарсыласлары финал жолламасын қолға киргизсе ғана, өтиў басқышына қатнасыў ҳуқықын қолға киргизеди ҳәм қола медалын жеңип алыў имканиятына ийе болады.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы