27-октябрь күни мәмлекетимиздеги барлық сайлаў участкаларында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўында даўыс бериў процеси болып өтти.
Елимиздеги 11 мың 28 сайлаў участкасында даўыс бериў процесслери қызғын өтти. Пуқаралар өзиниң сайлаў ҳуқықын әмелге асырыўда белсендилик көрсетти. Мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы әҳмийетли сиясий процессте қатнасыў арқалы өзиниң конституциялық ҳуқықынан пайдаланып атырған, Ўатан келешегине байланыслы сезим менен жасап атырған ўатанласларымыз қатарында сиясий партиялардың басшылары да өзиниң пуқаралық ўазыйпасын орынлап, даўыс бериў процесинде қатнасты.
Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси баслығы Улуғбек Иноятов та Шайхантаҳур районындағы 427-сайлаў участкаында даўыс берди.
Бул участкада 2 мың 68 сайлаўшы дизимнен өткен болып, даўыс бериў процеси айрықша өтти.
«Миллий тикланиш» демократиялық партиясы жетекшиси, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Алишер Қодиров та сайлаўда қатнасып, өз даўысын берди.
-Өзбекстанымыз қүдиретли, турмысымыз абадан болыўы ушын ўәкиллер дурыс таңланыўы ҳәм ўәкиллик уйымлары нәтийжели ислеўи керек. Усы мақсетлердиң жүзеге шығыўы ушын даўыс бердим, – деди Алишер Қодиров.
Пайтахтымыздың Мырза Улуғбек районындағы 21-сайлаў участкасында «Адолат» СДП Сиясий Кеңеси баслығы Робахон Маҳмудова өзиниң пуқаралық ўазыйпасын орынлап, даўыс бериў процесинде қатнасты.
Робахон Маҳмудова сайлаўларда белсене қатнасыў ҳәр бир пуқараның ҳуқықы ҳәм жуўапкершилиги болып, мәмлекетимиз келешегин белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Аткарыў комитетиниң баслығы, депутат, Спикер орынбасары Актам Ҳаитов Юнусабад районындағы 520-сайлаў участкасында болып, сайлаўда даўыс берди.
– ӨзЛиДеП Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына бир мандатлы округлер (мажоритар система) бойынша 75, партиялық дизим (пропорционал система) бойынша 100, жергиликли кеңеслерге болса 5 мың 695 мүнәсип талабанларын көрсетти.
ӨзЛиДеП жетекши күш сыпатында быйылғы сайлаўалды үгит-нәсиятлаў илажларында 1 миллион 600 мыңнан аслам ағзаларымыз, партия белсендилери, партияның жергиликли кеңеслериндеги ўәкиллери, көтериңки руўхта қатнасты. Нызамшылықта белгиленген барлық имканиятлардан толық пайдаланылды,-деди Актам Ҳаитов.
Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңеси аткарыў комитетиниң баслығы Абдушукур Ҳамзаев өз пуқаралық ўазыйпасын орынлап, даўыс бериў процесинде қатнасты.
Абдушукур Ҳамзаев сайлаўларда белсене қатнасыў ҳәр бир пуқараның ҳуқықы ҳәм жуўапкершилиги екенин атап өтип, сайлаў нәтийжелери мәмлекетимиз келешегин белгилеўде оғада әҳмийетли екенлигин билдирди.
ӨзА