Қытай Тайпейинде өткерилген 17 жасқа шекемги жас өспиримлер арасындағы Азия кубогиниң таңлап алыў басқышында 3-тур ойынлары болып өтти.
Дәслепки турда Палестинаны 3:0, Қытай Тайпейин 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болған жас футболшыларымыз 3-турда өзиниң тийкарғы қарсыласы Ирак сайланды командасын 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды ҳәм өз топарында 9 упай топлап, Азия кубогиниң финал басқышына жолламаны қолға киргизди.
Қуўанышлы тәрепи сонда, Иракқа қарсы ойындағы шешиўши голды қарақалпақстанлы жас футболшы Нурбек Сәрсенбаев урыўға еристи.
Сондай-ақ, бул жарысқа республикамыздан Өзбекстан сайланды командасы қурамында Нурбектен тысқары, Әзизбек Еримбетов, Баҳадыр Избасқановлар да қатнасты.
Енди сайланды командамыз 3-20-апрель күнлери Саудия Арабстанында өткерилетуғын Азия кубогине қатнасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы