Грецияның Ираклион қаласында спорттың Жиу житсу түринен жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы спортшылар да табыслы қатнаспақта.

Атап айтқанда, олардың арасында Тимур Базарбаев ҳәм Айбек Прекеевлар чемпионаттағы барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медальды қолға киргизген болса, Әмир Қадамов ҳәм Ҳумаюн Ҳашимовлар сыйлы 2-орынды ийелеўге еристи.



Грециядағы жәҳән чемпионаты еле қызғын даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы