“Мен бүгин перзентлеримниң келешеги, олардың өмирден өз орнын таба алыўы ушын жан күйдиретуғын, мен жасап атырған мәканның тынышлығы, абаданлығы, халықтың бийқәтер, абадан турмыс кешириўи ушын өзин тиккелей жуўапкер деп билетуғын ҳәм буны әмелде иси менен дәлийллей алатуғын, мүнәсип талабанға даўыс беремен”… Шынында да, бүгин ҳәр бир қоңыратлының кеўлинде де усындай көтериңки кейпият.
Елимизде жүз берип атырған сиясий ўақыяларға бийпәрўа болмаған, өз тәғдирин ел тәғдири менен байланыслы, деп билген Қоңыратлылар да бул сиясий процесске белсене қатнасып, өзлери ылайық деп билген талабанларды сайлаўға өзиниң үлесин қосыўға асықпақта. Райондағы 52 сайлаў участкаларында сайлаўшылар ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған.
Бүгин район бойынша 73 мыңнан аслам пуқараның өзлерине ылайық деп билген талабанларға даўыс бериўи күтилмекте. Соннан 2930 дан асламы биринши мәрте даўыс береди. Ең баслысы мәмлекетимиздиң өзиниң раўажланыў жолын дурыс таңлағаны, халық мәпиниң үстинлигин бүгин сайлаўға келген сайлаўшылардың көтериңки кейпиятынан көриўге болады.
Сайлаўға бара алмайтуғын кекселер, ҳәрекетлениўи шекленген инсанларға конституциялық ҳуқықларынан биймәлел пайдаланыў имканиятлары жаратылғаны сиясий ҳәм миллий мәденияттан дәрек береди. Бүгинги сайлаўдың ашық-айдын өтиўи ушын барлық имканиятлардың жаратылғанлығы ҳеш кимниң бул сиясий ўақыяға бийпәрўа емес екенлигин көрсетпекте.
Орынларда депутатларды сайлаў қызғын даўам етпекте.
Еслетип өтемиз, сайлаўда даўыс бериў саат 08:00ден 20:00ге шекем өткериледи.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги