Қанлыкөл районы халқы да бүгинги сайлаўда белсене қатнасып, белгиленген сайлаў участкаларында өзлерине мүнәсип деп билген талабанларына даўыс бермекте.
Қанлыкөл районы аймағында 22 сайлаў участкасы дүзилген болып, оларда 26 689 мыңнан аслам сайлаўшы дизимге алынған.
Өз келешегине бийпәрўа болмаған ҳәр бир район турғыны өзлери жасайтуғын аймақта жайласқан сайлаў участкасынан сайлаўшы сыпатында қатнасып, жарқын келешек ҳәм елимиз абаданлығы ушын өзи қәлеген талабанларға даўыс бермекте.
– Мен Дослық мәҳәллесинен келдим. Аймағымыздағы 296-санлы сайлаў участкасынан биринши мәрте сайлаўда қатнасып, өз келешегим ушын даўыс берип атырман. Басқа жасларды да сайлаўға белсене қатнасыўға шақырып қаламан,-дейди А.Жарылқасымов.
Депутатларды сайлаў орынларда қызғын даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги