Мойнақ районындағы 377-сайлаў участкасы жайласқан “Таллы өзек” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан шаңарақ қурып атырған үш жас келин-күйеўлер  бүгинги сиясий мапазға белсене қатнасты.

Бүгинги күн олардың өмириндеги умтылмас сәне. Себеби, олар айдын келешеги, бахытлы турмысы ушын неке тойы болып атырған күнинде сайлаўға қатнасып атыр. “Ҳәзиргилердиң тойы өзгеше болып өтеди я!?” деп сайлаўға келгенлер ҳәўес пенен қарап, жақсы тилеклерин билдирип атыр. Жасы үлкен нуранийлер де ақ пәтиясын берип, жас-жубайларға ҳақ жол тиледи.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги