Мәмлекетимизде болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайлаўы мүнәсибети менен сырт ел бақлаўшылары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери елимизде болып, сайлаўға таярлық процесслерин бақлап бармақта.
25-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясында бир қатар бақлаўшылар миссиясы ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында ушырасыўлар болып өтти.
Соның ишинде, күнниң биринши ярымында ОСК баслығы Зайниддин Низомхўжаев ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы (ПА) топары координаторы, Қырғызстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң комитет баслығының орынбасары Т.Масабиров, Россия Федерациясы Федерал Кеңеси Илим, билимлендириў ҳәм мәденият мәселелери комитети баслығының орынбасары И.Умаханов, ҒМДА Бас хаткери Сергей Лебедев басшылығындағы бақлаўшылар делегациясының ўәкиллери менен ушырасты.
Ушырасыўлар ўақтында Орайлық сайлаў комиссиясы Баслығы З.Низомхўжаев Сайлаў кодексине киргизилген жаңа нормаларға муўапық, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўы мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системасы тийкарында болып өтетуғыны, онда депутатлардың 75и мажоритар системасы тийкарында, қалған 75и болса пропорционал сайлаў системасы тийкарында сайланатуғынын атап өтти.
Сондай-ақ, делегациялар ўәкиллерине миллий сайлаў әмелиятына енгизилген “E-Saylov” мәлимлеме системасы, оның абзаллықлары менен имканиятлары, сайлаў комиссиялары ағзаларының маманлығын арттырыў Концепциясы тийкарында барлық дәрежедеги сайлаў қатнасыўшыларының билим ҳәм көнликпелери арттырылғаны, сайлаўалды үгит-нәсият процесинде сиясий партиялар ҳәм талабанларға жаратып берилген теңдей шараятлар, үгит-нәсиятлаўда жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў мүмкин екенлиги ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Сөйлесиўлер ўақтында бақлаўшылар миссиясы ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери сайлаўларға демократиялық принциплерге сай таярлық көрилгени, халықаралық нормалар ҳәм стандартларға толы сәйкес келиўи, пуқаралардың еркин даўыс бериўин тәмийинлеў ушын барлық керекли илажлар көрилип атырғанын айрықша атап өтти. Атап айтқанда, ҒМДА Бас хаткери С. Лебедев Орайлық сайлаў комиссиясы болып өтетуғын сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый жумысларды жоқары дәрежеде жолға қойғанын, талабанлар арасында ҳаял-қызлар 40 проценттен жоқары екенлиги гендер теңлик сиясатына пропорционал екенин ҳәм майыплығы болған инсанларға жаратылып атырған шараятларды айрықша атап өтти.
Бақлаўшылар миссиялары ҳәм халықаралық шөлкемлер делегацияларының ўәкиллери елимиздиң ҳәр бир аймағында сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесслерин бақлап баратуғынын атап өтиўимиз керек. Миссиялар бир қатар сайлаў участкаларында болып, бақлаўлары бойынша жуўмақ ҳәм усынысларын бериўди режелестирген.
ӨзА