Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға еки күн қалды.

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәжилислер  залында сайлаў алды үгит-нәсиятлаў илажы өткерилип, оған профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм көп санлы сайлаўшылар қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Экологиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан А.Бегимова сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы бағдарлары туўралы мағлыўмат берди.

Атап айтқанда, турақлы мониторинг етип барыў, қум ҳәм дузлы самаллардың қәўипи жоқары болған аймақлардың карталарын ислеп шығыў ҳәм бундай аймақларда мәмлекетлик бағдарлама тийкарында жасыл белбеўлердиң пайда етилиўине ерисиў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, илажда Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қанаты бөлими тәрепинен 25-октябрь “Қағазсыз бир күн” экологиялық сәне ҳаққында мағлыўматлар берилди. Атап айтқанда, қағаз өнимлери өндиристиң шийки зат базасын және де раўажландырыў, екилемши қағаз шығындыларын қайта ислеўге қаратылған үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды.

Ашық сәўбетлесиў даўамында партия жумыслары ҳәм басламаларына тийисли үгит-нәсиятлаў қураллары, жаңа бағдарлама орын алған китапшалар, флаерлер тарқатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги