Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Көркем өнер факультети студент-жасларының қатнасыўында “Сайлаў ҳәм жаслар” атамасында илаж болып өтти.
Онда Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан-Либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Жаслар қанаты бөлиминиң баслығы К.Қудайбергенова сиясий партиялардың алып барып атырған жумыслары туўралы мағлыўмат берди.
Соның ишинде, ӨзЛиДеП партиясының “500 мақсет, 500 ўазыйпа”, “Ўәде емес, нәтийже” “Ертең емес, бүгин”, сүренлери астында партияның мақсет ҳәм ўазыйпалары, сайлаўалды бағдарламасы, бағдарламаға киргизилген билимлендириў, медицина, исбилерменлик, социаллық қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларымызға берилетуғын имканиятлар ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў бойынша мақсет ҳәм ўазыйпалардың белгиленип қойылғанлығы ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип өтилди.
Студент-жасларға быйылғы болажақ сайлаўдың аралас сайлаў системасында өткерилиўиниң өзгешеликлери, әҳмийети бойынша түсиниклер берилди.
Илажда студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги