АҚШтың «Biologic International” LLC компаниясы Өзбекстанда крахмал ҳәм белок ислеп шығарыўға бағдарланған бийдайды қайта ислеў заводын қурыў усынысын ислеп шығып атырғанын мәлим етти.

24-октябрь күни Аўыл хожалығы министрлигинде министрликтиң жуўапкерлери ҳәм АҚШтың усы компаниясының ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.

Онда еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў ҳәм жаңа жойбар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

 Мағлыўмат орнында айтыў мүмкин, «Biologic International” LLC компаниясы ҳәзирги күнде қаржы моделин ислеп шықпақта ҳәм ҳәр қыйлы платформаларды үйренбекте.

Мақсет завод ушын қолайлы аймақты көрип шығыў, технопарклер басшылығы менен ушырасыў ҳәм компаниялар менен қаржыландырыў мәселелерин додалаў болып табылады.

Буннан тысқары, өнимди қайта ислеў базарын баҳалаў ҳәм өндирис ушын зәрүр болған шийки зат жеткерип бериўшилерди тартыў да режелестирилген, делинеди Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматында.

А.РУСТАМОВ,

ӨзА