Усы жылдың 24-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде жас өнермент Райхан Наўрызбаеваның «Миллий нағыслар сәўлелениўи” атамасында көргизбеси болып өтти. 

Көргизбеде Бердақ атындағы ҚМУдың көркем өнер факультети деканының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары Икрам Жуманизов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Балтанияз Қайыпов ҳәм басқалар Райханның жетискенлерин, өз қатарларына қарағанда талапшаң, кишкенелигинен өнерге жаны қумар қыз екенлигин атап өтти ҳәм оны дәслепки көргизбеси менен қутлықлады.

Көргизбеде өнермент тәрепинен исленген гүләлшылық буйымларының үлгилери, заманагөйлик ҳәм миллийликтиң көринислери жәмленген әжайып өнерментшилик түрлери ҳәм нағыслардың эскизлери орын алған.

Илажда көргизбе менен бирге Райхан Наўрызбаева тәрепинен шеберлик сабағы да өтилди. Онда өнермент миллий нағыслар сәўлелениўин, оларда қолланатуғын бояўлар ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.

Бундай илажлар миллий мәдениятымызға болған қызығыўшылықты арттырыў менен бирге, ата-бабалар мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм миллий үрп-әдетлеримизди дүньяға танытыўда үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Райхан кишкенелигинен өнерге қызығып ҳәзирги Ж.Изентаев атындағы Қарақалпақстан Республикасы сүўретлеў ҳәм көркем өнер мектеп интернатында билим алады ҳәм 2021-жылы Ташкент қаласында Өзбекстан Көркем өнер академиясы тәрепинен өткерилген «Дөретиўши жаслар»  республикалық таңлаўында 1-орынды ийелейди.

2022-жылы Бердақ атындағы ҚМУ көркем өнер факультети гүлалшылық қәнигелиги бөлимине имтихансыз мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

Сондай-ақ, жас гүләл Райхан Наўрызбаева республика көлеминде өткерилип киятырған таңлаўларда да белсендилик көрсетип, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Атап айтқанда, усы жылдың январь айында «Ўатан қорғаўшылар күни» байрамы мүнәсибети менен өткерилген «Мениң армиям – мениң мақтанышым» сүўретлеў өнери таңлаўында 2-орынды ийеледи.

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде болып өткен «Жаңаланыў байрамы –  Наўрыз мүбәрек болсын!» байрам кешесинде ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-майдағы ПҚ 261-санлы қарарында белгиленген Музейлерде OPEN AIR FEST, Музейде түн кеўилашар дәстүри ҳәм өнерментлер көргизбесинде де белсене қатнасып келмекте.

Ш. Абдуллаева,

П. Яқупбаева.

Бердақ атындағы ҚМУ студенлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги