Соңғы гезлери республикамызда басқа тараўлар қатарында мәденият тараўында да бир қатар унамлы өзгерислер әмелге асырылып, жаңа реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, жас әўладтың билим алыўы ҳәм көркем өнердеги олардың тутқан орны, мәдениятымызды раўажландырыўға қаратылған итибар нәтийжесинде жаңадан оқыў орынлары шөлкемлестирилип, жаңа имканиятлар пайда болмақта.
Президентимиздиң айрықша итибары менен жас талантлылар ушын пайтахтымызда Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатының шөлкемлестирилгенлиги бул сөзимиздиң және бир мысалы болып есапланады.
Мектеп –интернаты 2021-жылдың 6-сентябрь күнинен баслап салтанатлы түрде ашылып, өз жумысын баслады.
Оқыў орнындағы алып барылып атырған жумыслар ҳәм ол жердеги имканиятлар менен танысыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен пайтахтымыздағы Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатына медиа тур шөлкемлестирилди.
Оған ҒХҚ хызметкерлери менен әмелиятшы студент-жаслар қатнасты. Өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар мектеп-интернатының турмысы, оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар, сабақ барысы менен жақыннан танысты. Мектеп-интернаты директоры Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, «Дослық» ордени ийеси Дәрибай Хожабергенов пресс-тур қатнасыўшыларын оқыў орнындағы жарытылған имканиятлар менен таныстырды.
Ҳәзирги ўақытта мектеп-интернатында белгиленген бағдарлар бойынша 95 оқыўшы қәнигелик ҳәм улыўма билим бериў пәнлери бойынша тәлим-тәрбия алмақта.
Мектеп-интернатында улыўма билим бериў пәнлеринен ҳәм «Академиялық қосықшылық», «Саз атқарыўшылығы (миллий-этно – түрлери бойынша)», «Бақсышылық (жыраў)» бағдарлары қәнигеликлеринен, қәнигеликке тийкар жеке ҳәм топар менен өтилетуғын пәнлерден теориялық ҳәм әмелий билим көнликпелерине ийе болып, тәлим-тәрбия алып келмекте. Мектеп оқыўшыларының тереңлестирилген билимлерди алыўы ушын жеке тәртиптеги қәнигелик пәнлери, топар болып өтилетуғын музыка теориясы, сольфеджио, хор, ансамбль, ритмика пәнлери ҳәм улыўма билим бериў пәнлерин өтиў класларына, саз әсбаплары, үскенелерге, қәнигеликтен алған билимлерин әмелге асырыў ушын үлкен концерт залына ийе. Соның менен бир қатарда, оқыўшылар жатақ жай, 4 мезгил ыссы аўқат пенен тәмийинленген.
Оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде олар Республикамызда сахналастырылған Опера ҳәм балетлерди тамашалаўға, музейлерге, ашық тәбиятларға, ески қалаларға саяхатларға алып шығылып, ден саўлықларын беккемлеў мақсетинде оқыўшылар арасында спорт жарыслары шөлкемлестирилип турылады.
Мектеп-интернатындағы қәнигелик класлары бойынша Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық бақсылары, хызмет көрсеткен артистлер, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары, Республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлардың лауреатлары ҳәм өзиниң оқытыў шеберлигине ийе – шебер атқарыўшылардан ибарат окытыўшы ҳәм концертмейстерлер, тәжирийбели пән оқытыўшылары тәрепинен оқыўшыларға тереңлестирилген тәлим-тәрбия берилмекте.
Мектеп-интернаты оқыўшылары қәнигелик класс оқытыўшылары тәрепинен таярлаған концерт бағдарламалары менен Республикамызда өткерилип атырған белгили сәнелердеги концертлерге қатнасып келмекте. Сондай-ақ, Республикалық ҳәм халықаралық таңлаўларға мүнәсип қатнасып сыйлы орынларды жеңип алмақта. Атап айтқанда, 2021-жылы өткерилген «Жаслар ҳаўазы» Республикалық таңлаўда мектеп-интернатының «Академиялық вокал» қәнигелик класының 5-класс оқыўшылары Жарылқасынов Аманбай (устазы Республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлардың лауреаты Алымбай Каримбаев) ҳәм Қалыбаев Бахытбеклер қатнасып, қалалық басқышта Жарылқасынов Аманбай сыйлы 2-орынды ал Қалыбаев Бахытбек (устазы Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Дәрибай Хожабергенов) 1-орынды ийелеген болса, Республикалық басқышты сыйлы 2-орынды ийеледи.
2022-жылдың 3-4 ноябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген «Биз бахытлы баламыз» атамасындағы халықаралық таңлаўға қатнасқан «Вокал» бағдарының – «Академиялық қосықшылық» бағдары бойынша мектеп-интернатының «Академиялық қосықшылық» қәнигелик класының 6-класс оқыўшысы Жумабаев Эльбрус (устазы Илҳам Қутлымуратов) 2-дәрежели лауреатлық дипломы ҳәм медалын, 8-класс оқыўшысы Худайбергенова Саёра (устазы Республикалық таңлаўдың лауреаты Меҳрибан Жиемуратова) 3-дәрежели лауреатлық дипломы ҳәм медалын жеңип алған болса, ал «Фольклор қосықшылық» бағдары бойынша «Бақсышылық (жыраў)» бағдарының бақсышылық қәнигелик класының 8-класс оқыўшысы Н. Алымджанов ҳәм М.Сейилхановалар (устазы Ерисбай Асқаров) 14-18 жас категориясы бойынша қатнасып 2-дәрежели лауреатлық дипломлары ҳәм медальларын жеңип алыўға еристи.
2022-жылдың 9-14 -ноябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген Европаның «OPEN ASIA» Fiestalonia Milenio халықаралық (Испания) таңлаўының «Вокал»-Фольклор қосықшылығы бағдары бойынша «Бақсышылық (жыраў)» бағдарының бақсышылық қәнигелик класының 6-класс оқыўшысы Жумабаева Жасмина (устазы Қарақалпақстан халық бақсысы Гүлнара Алламбергенова) 10-12 жас категориясы бойынша қатнасып сыйлы 1-орынды ийеледи.
2022-жылдың 24-26-ноябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген «Одарённые дети» – Фестиваль талантов (Россия) VII халықаралық таңлаўында қатнасқан усы мектеп оқыўшылары таңлаўдың «Вокал» бағдарының – Академиялық қосықшылық бағдары бойынша мектеп-интернатының «Академиялық қосықшылық» қәнигелик класының 6-класс оқыўшысы Генжемуратов Бегзад (устазы Илҳам Қутлымуратов) Гран-при ең жоқары дипломы, лауреатлық статуэткасы ҳәм медальларын жеңип алды. Сондай-ақ, «Фольклор қосықшылық» бағдары бойынша «Бақсышылық (жыраў)» бағдарының бақсышылық қәнигелик класының 6-класс оқыўшысы А.Сейпуллаева (устазы “Ниҳол мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Төребеков Мухаммед) 1-орынды ийелеўге миясар болды.
2022-жылдың 8-10-декабрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген «Одарённые дети» – Музыка жизньи (Россия) халықаралық таңлаўының «Вокал» – Фольклор қосықшылығы бағдары бойынша «Бақсышылық (жыраў)» бағдарының бақсышылық қәнигелик класының 6-класс оқыўшысы Жолдасбаева Айзада (устазы Қарақалпақстан халық бақсысы Гүлнара Алламбергенова) 2-орынды ийелеп лауреатлық дипломы ҳәм медалы менен сыйлықланды.
Мектеп –интернат оқыўшылары ҳәр жылы усындай табыслары менен көпшиликке кеңнен танылып келмекте. Олардың табысларын еле де дизип жаза берсек талай ғана. Олардың халықаралық ҳәм елимизде өткерилген таңалаўларда ерискен табыслары, әлбетте, оқыў орнында жаратылған шараятлар ҳәм узтазлардың мийнетлериниң нәтийжеси деп толық айта аламыз.
2023-жыл 23-декабрь күни мектеп-интернаты Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тǝрепинен «Академиялық вокал» бағдарын раўажландырыўдағы хызметлери ушын «АЛҒЫС-2023» жылдың ең белсенди сыйлығы менен сыйлықланды.
Бүгин оқыў орнында билим аламан деген жаслар ушын жарытылған шараятлар олардың еркин дөретиўшилик етиўи ушын имканиятлар дәреги болып, алдағы ўақытларда да жаңа табысларға ерисиўлери ушын тийкар болары анық.
Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алып, талантлы оқыўшылар менен сәўбетлести.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги