Кеше бокс бойынша Әзербайжан ерлер сайланды командасына жаңа бас тренер тайынланды.
Оған бола, ендигиден былай мәмлекеттиң тийкарғы бокс командасы бас тренери сыпатында өзбекстанлы қәниге Равшан Ходжаев жумыс алып барады.
Ол усы күнге шекем Әзербайжан бокс федерациясында техник директоры лаўазымында хызмет етип киятырған еди.
Мағлыўмат сыпатында айтып өтетуғын болсақ, 44 жастағы бул қәниге Шаҳрам Ғиёсовтың тренери болып табылады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы