Усы жылдың 24-октябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиў екинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессияныӊ күн тәртибиндеги биринши мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болды. Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Зухра Реймова баянат жасады ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министриниң есабаты туўралы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министри Қ.Айтбаев баянат жасады.
Баянатшының атап өткениндей, республикамызда 2024-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың рейтинг баҳалаў көрсеткишлери, әмелий режелери ҳәм бул бағдарда анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Министрлик, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери, министрлик қурамындағы кәрханалар тәрепинен 2024-2025-жыллар даўамында көп квартиралы турақ жай фондын сақлаў, олардың техникалық жағдайларын мониторинг етиў, соның ишинде, турақ жай фондын ири ҳәм жеңил оңлаў, турақ жайларды басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў, ыссылық тәмийнаты системаларын раўажландырыў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте. Республикамыздың қала ҳәм районлары аймақларында 1634 көп квартиралы турақ жай болып, соннан, 1156 жайға 31 басқарыў шөлкеми ҳәм 91 жайға 10 турақ жай ийелери шериклиги хызмет көрсетип келмекте.
Усы жыл даўамында көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетиўши басқарыў шөлкемлериниң 931,3 миллион сумлық мәжбүрий төлемлери есабынан 86 көп квартиралы турақ жайға жеңил оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Республикамыз аймағында жайласқан 1634 көп квартиралы турақ жайдан 18344 квартиралы 541 турақ жай орайласқан ыссылық тәмийнаты ҳәм еки контурлы заманагөй қазанхана менен тәмийинленген. Қалған 15306 квартиралы 427 көп квартиралы турақ жайлар заманагөй еки контурлы ысытыў қазанханаларынан пайдаланып келмекте. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыў бойынша 2024-жыл даўамында әмелге асырылған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша басқарма баслығы Г.Изентаева баянат жасады.
Бүгинги күни республикамызда 111 жайластырыў орны, 74 туроператорлық субъекти, арнаўлы транспортлар жергиликли ҳәм сырт елли туристлерге хызмет көрсетпекте. Соңғы жылларда елимизге келип атырған сырт елли туристлердиң жоқары өсиў динамикасы бақланбақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстанға 2021-жылы 287 мың жергиликли, 24 мың сырт елли турист келген болса, 2024-жылдың басынан берли 1 миллион 914 мың жергиликли ҳәм 190 мыңға шамалас сырт елли турист келди. Өткен 9 айдың жуўмағы бойынша туризм хызметлери экспорты көлеми 27,53 миллион АҚШ долларын қурады. Быйылғы жылы республикамызда туризм тараўы бойынша улыўма муғдары 149,3 миллиард сумлық 36 инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген болып, буның нәтийжесинде 209 жаңа жумыс орнының жаратылыўы нәзерде тутылған.
Президентимиздиң Қарақалпақстан халқына деген айрықша ғамхорлығы нәтийжесинде быйылғы жылы тараўда тарийхый ўақыялар жүз берди. Усы имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда жыл жуўмағына аймағымызға ишки туристлер санын 2 миллионға, сырт елли туристлер санын 200 мыңға, туризм экспорты көлеми 30 миллион АҚШ долларына ҳәм жайластырыў орынларын 113 ке жеткериў режелестирилген. Бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда аўыл хожалығы тараўында дийқан ҳәм фермерлер ушын барлық қолайлы шараятлар жаратыў, олардың материаллық-техникалық базасын жылдан-жылға жақсылап барыў, ушырасып атырған машқалаларын шешиўде басшы кадрлардың орны гиреўли екенлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Шуҳрат Тешаев тайынланғанлығы атап өтилди. Ш.Тешаев мийнет жолы даўамында Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министриниң агротехнология мәселелери бойынша биринши орынбасары, Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министри, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығының биринши орынбасары лаўазымында сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларды табыслы атқарған. Сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс алып барған Дарьябай Кайпов Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри лаўазымына тайынланғаны атап өтилди.
Депутатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени көрип шықты ҳәм тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиў екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги