Сенаттың жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 206 ҳәм 248-статьяларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм пробация қадағалаўындағы шахслар арасында кең көлемли профилактика илажларының әмелге асырылыўына қарамастан ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм пробация қадағалаўындағы шахслар тәрепинен исленип атырған ҳуқықбузарлықлар саны артып бармақта. Бул болса усы бағдардағы ҳуқықый тәсир илажларының қайта көрип шығылыўын талап етпекте.
Мине, усы категориядағы шахслар судлар тәрепинен белгиленген қадаған етиў (шеклеў)лерге бир неше мәрте әмел етпегени ушын 2023-жылы 717 ҳәм 2024-жылдың 9 айында болса 637 шахс Жынаят кодексиниң 226-статьясы (Ҳәкимшилик қадағалаў қағыйдаларын бузыў) бойынша жуўапкершиликке тартылған.
Сол себепли, аўыр ямаса оғада аўыр жынаятлардың алдын алыў бойынша оператив ҳәм тәсиршең илажлар көрилиўин тәмийинлеў мақсетинде ишки ислер уйымлары пробация бөлимлериниң хызметкерлерине қосымща ўәкилликлерди бериў зәрүрлиги пайда болды.
Ишки ислер министрлиги тәрепинен қадағалаў астында турған арнаўлы категориядағы шахслар арасында нызам үстинлигин тәмийинлеў, оларда нызамға бойсыныўшы минез-қулықты, инсанға, мийнетке, социаллық турмыс қағыйдалары ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет мүнәсибетин қәлиплестириў мақсетинде бул нызам ислеп шығылды.
Додаланған нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 206-статьясы санкция бөлимине әмелде болған жәрийма жазасынан тысқары ҳәкимшилик қамақ жазасы да киргизилди.
Пробация бөлимлери хызметкерлериниң қадағалаўы астындағы шахс тәрепинен ҳуқықбузарлық исленген жағдайда оған ҳәкимшилик протокол дүзиў ушын оны аймақлық жақтан жақын арада жайласқан таяныш пункти профилактика инспекторының алдына барып, ҳәкимшилик протокол рәсмийлестириў керек. Бул пробация хызметкериниң жумыс нәтийжелилигине унамсыз тәсир етип, артықша ўақыт жумсалыўына себеп болмақта.
Соның ушын, додаланған нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 248-статьясы төртинши бөлимине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў арқалы ишки ислер уйымларының пробация қадағалаўындағы шахсларға ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы протоколды дүзиў ўәкиллигин пробация хызметиниң үлкен инспекторы ҳәм инспекторына бериў нормасы менен белгилеп қойылды.
Сенаторлар мақуллаған нызамның арнаўлы категориядағы шахслар тәрепинен исленген ҳуқықбузарлық жағдайлары бойынша анықланған жердиң өзинде тәсир илажларын қолланыўға, бул категориядағы шахслар менен алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги артыўына ҳәм пуқаралардың керексиз сергизданлықларының алды алыныўына хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА