Түркиялы еркек 24 жылдан берли өзи жақсы көрип қалған ҳаялды автобус бәндиргисинде күтпекте. Бул ҳаққында Haber7 порталы хабар берди.

Синопли 48 жастағы Эжевит Окюзжюди жергиликли халық «Ашық Эжевит» деп атайды. Дерлик шерек әсир, ол жол басындағы автобус бәндиргисинде жақсы көргенин күтпекте. Ол елеге шекем үмитин үзбеген, соның ушын ҳәр күни, ҳәттеки ең ыссыда да сол жерде.

Сол жолдан турақлы қатнайтуғын жүк машинасы айдаўшысы Севги Алтинол ашыққа реҳими келип, кишкене контейнер үй саўға етти, ҳеш болмағанда суўықтан қорғайды. Айдаўшы басқаларды да жалғыз ашыққа жәрдем бериўге шақырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги