Перудиң бурынғы президенти Алехандро Толедо Бразилияның «Odebrecht» қурылыс компаниясынан пара алғанда айыпланып, 20 жыл алты айға қамақ жазасына ҳүким етилди. Бул ҳаққында «The Gueardian» басылымы хабар бермекте.

Стенфорд университетинде докторлық дәрежесин алған 78 жастағы бурынғы мәмлекет басшысы Толедо 2001-2006-жыллары Перу мәмлекетин басқарған.

Судя Инес Рохас тәрепинен оқылған ҳүким текстинде айтылыўынша, Толедо алдынырақ «Odebrecht» аты менен белгили болған компаниядан Перу қубла жағалаўларын Бразилияның Амазония аймағы менен байланыстыратуғын жол қурыў бойынша шәртнаманы утып алыў есабынан 35 миллион доллар пара алған.

Рохастың түсиндириўинше, Толедо «мәмлекет финансын басқарыў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыўды бақлаў ушын жуўапкер» еди. Буның орнына, ол «мәмлекетти алдаған» деди.

Ҳәзирги ўақытта «Novonor» аты менен танылған «Оdebrecht» 2016-жылы жәмийетлик ислер бойынша шәртнамаларды тәмийинлеў ушын мәмлекетлердеги ҳәмелдарларға пара бергенин тән алғанынан кейин, көплеген додалаўларға себеп болды.

Суд процесинде Толедо пул жуўыў ҳәм тил бириктириў айыплаўларын бийкарлады. Ҳүким Толедо өткен жылдан берли услап турылған Лима қамақханасында жәрияланды. Мәмлекеттиң және бир бурынғы президенти Педро Кастилло да 2022-жылы Конгрессти тарқатып жибериўге ислеген ҳәрекетинен кейин «көтерилис» даўалары менен сол жерде сақланбақта.

2023-жылдың 24-апрелинде АҚШ коррупцияда айыпланған Алехандро Толедони экстрадициялаўға қарар еткен еди.

 

Ў.Алимов, ӨзА