19 – 22-октябр күнлери Ташкент ўәлаятында спорттың пара каноэ ҳәм байдарка түри бойынша жаслар ҳәм ересеклер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа республикамыздың пара спортшылары да табыслы қатнасып, жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.

Атап айтқанда, байдарка түри бойынша Жарқынай Муртазаева биринши, каноэ түри бойынша Абдибек Уснатдинов үшинши орынды ийелеўге еристи.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы