Кеше Қытайда ҳаял-қызлар арасында «CFA International “A” Women’s Football Tournament» турнирине старт берилди.

Онда Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы Вьетнам сайланды командасы менен ушырасты. Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, Владимир Панов шәкиртлери  0:2 есабында вьетнамлы қызларға жеңилип қалды.

Әҳмийетли тәрепи сонда, Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы Айгерим Өтенезарова да қатнаспақта.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы